Конституциялық (недо)реформа #2
Буннан алдынғы постта Өзбекстанда әмелге асырылажақ конституциялық реформалар ҳаққында өз пикирлеримди келтирип өткен едим. Усының менен бул тема жабылды деп ойласам, жоқ, қайтадан бул теманы қозғаўға себеп пайда болды.
Улыўма алғанда, бул реформалар бойынша ҳешқандай таң қаларлық жаңалық жоқ, сол әпиўайы авторитар мәмлекетлердеги сыяқлы тек ғана “атына” исленип атырған “реформа”. Мәмлекетти реал демократияға жетелеўши усыныслар жоқ деп биймәлел айта аламыз.
Алдынғы мақалада сөз еткеним, 90-статьяға тиймей-ақ, жаңа конституцияны қабыл етип, “обнуление”ни ҳеш болмаса қағазда болса да, шырайлы етип қоя ма деп ойлаған едим. Яқ, булар туўры “колхозша” жол менен, 90-статьяны да өзгертиўден қайтпапты. Яқшы, бул, бәрибир, соңында екинши дәрежели мәселе болып шықты.
Күтилмегенде бул “реформа” Қарақалпақстанның статусына да сезилерли дәрежеде өзгерис киргизейин деп турған қусайды. Конституцияның Қарақалпақстан Республикасына арналған XVII бабына, мениң ойымша, фундаментал өзгерислер киргизиў бойынша усыныслар болған. Оның деталларын әллеқашан еситкен шығарсыз, сонлықтан тәкирарлап отырмайман (егер хабарыңыз болмаса, makan.uz‘ды қарасаңыз болады).
Егер бул билдирилген усыныслар ҳәзирги ҳалында қабыл етилсе, Қарақалпақстанды картадан өширип таслай берсек те болады. Өйткени, Қарақалпақстанның де факто, әллеқашан ўәлаяттан парқы қалмаған, бирақ де юре, ҳеш болмаса қағазда елеге шекем өз статусына ийе. Бул статустан айрылыўы оны басқа ўәлаятлар менен бир қатарға қосып қояды.
Бул усыныслар неликтен ҳәм қай жерден шыққанлығын ойлап көрейик. Конституцияға усынысларды жыйнаў, тийкарынан, meningkonstitutsiyam.uz сайты арқалы алып барылды. Түсиниўимше, ол жерде қәлеген пуқара өзи мақул деп билген усынысын қалдыра алады. Бул жақсы нийетлер менен қылынған ис болыўы мүмкин, бирақ көпшиликке бундай ҳуқық бериледи екен, ҳәрбир усыныс жақсылап анализ етилиўи ҳәм синтез қылыныўы зәрүр. Себеби, адамлардың ой-өриси, билим дәрежеси, көз қараслары бирдей емес, ҳәр қыйлы. Сондай-ақ, бир адамның берип атырған усынысы ҳәмме ўақыт ҳәм пүткил мәмлекеттиң пуқараларына пайдалы болады дегенди аңлатпайды.
Қарақалпақстанның статусын өзгертиў ҳаққындағы усыныс қай жерден келген деген сораў көпшиликке қызық шығар. Идея бойынша, жоқарыда көрсетилген сайтта кимдур бул усынысты қалдырған болыўы керек. Лекин, бундай үлкен сиясий әҳмийетке ийе усынысты ким қалдырған екен? Қарақалпақстанда жасаўшылар бундай усынысты бериўине мениң гүманым бар. Буннан келип шығады, усыныс басқа регионда жасаўшы пуқарадан келген болыўы итималлылығы жоқары.
Лекин, басқа жерде жасайтуғын адам өзге регионның статусына өзгерис киргизилиўин талап етиўи қаншелли дәрежеде дурыс? Аналогия ретинде (бәлким, онша уқсас емес шығар), мен “Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаятларында тәжик миллетине тийисли пуқаралар көп, сонлықтан бул регионлар Тәжикстан Республикасы қурамына кирсин” деп усыныс еткендей гәп болып атыр-да. Сол себепли, бундай геосиясий мәселелерди пуқаралар көтерген жағдайда да, буны көрип шығыўшылар пуқталық пенен, ҳәр тәреплеме ойлаўы лазым еди.
Мениң ойымша, және де мәмлекет дүзилисине байланыслы билдирилген бундай пикирлер әпиўайы халық тәрепинен шығыў итималлылығы оғада аз, шыққан жағдайда да, мәмлекет оның менен разы болмаса, биймәлел, “өткерип” жибере алады. Демек, бул, биз сөз етип отырған усыныстың “жоқарыдан” жиберилген болыўы итималлылығы жоқары.
Енди сораў, буннан мақсет не еди өзи: бул мәселедеги адамлардың дәслепки реакциясын көриў ме? Егер халық буны үндеместен өткизип жибергенде, ҳеш нәрсе болмағандай, өзгерислерди қабыллап кете берер ме еди? Енди болса халықтың наразылығын көрип, артқа шегинер ме екен ямаса “репрессив машинаны” иске қоса ма?
Мениң ҳайран қалатуғыным, “неужели” еки қәдем алдыны көре алатуғын профессионал сиясатшы/мәсләҳәтшилер табылмаған болса. Мен Қарақалпақстанда жасаўшылардың басқа регионларға салыстырғанда рус тилин билиў дәрежеси жоқары деп есаплайман (бул субъектив пикир, факт көрсете алмайман), қалаларда екиниң биринде спутник антенналары ямаса кабелли телевидение табылады ҳәм олар арқалы, тийкарынан, рус тилиндеги телеканаллар көрилип барылады. Тилекке қарсы, бул басым көпшилик турғынлар Россияның ҳәзирги ҳүкимети пропагандасына исенеди деген гәп.
Енди, ертең бул жақтағы наразылықларды еситип, “көшениң арғы басындағы үлкен аға” өз мәпи ушын, қандайда бир былғасықларды шөлкемлестириўди ойлап қалса, информациялық майдан толығы менен олардики болады ғой. Пропаганда машинасын Гитлердикинен қалыспайтуғын дәрежеге жеткерген қарсылас пенен сизлер өзлериңиздиң жалғанларыңыз “шыңы” арқалы бәсеки қылажақсыз ба?
Стрейзанд эффекти деген социаллық қубылыс бар. Бул ҳәрекетлериңиз бенен тап сол эффектке еристиңиз. Өмиринде конституцияны ашып көрмеген адамлар да ҳәзир XVII бапты ишип алғаны анық. Қарақалпақстан ғәрезсизлиги узақ келешектеги нәрсе деп ямаса ол ҳаққында улыўма ойламай жүрген адамлар да ҳәзир бул ҳаққында ойлап баслаған болса, ҳайран болмас едим.
Қарақалпақстан халқы тәрепинен “сайланған” Олий Мәжлис, Жоқарғы Кеңес депутатлары ҳәм сенаторлары! Көпшилигиңиз, бәлким, инсан ретинде жақсы адам шығарсыз, бирақ депутат ҳәм сенатор ретиндеги баҳаңыз — “2”. Журтқа бир тийинлик пайдаңыз жоқ екенлигин, мейли, қабыл еттик, лекин ҳеш болмағанда зыянға ислемең. “Молчание — знак согласия” деген гәпти умытпаң, елеге шекем үндемей отырсыз ба, демек, сизлер бул шешимди қоллап-қуўатлап отырсыз. Азмаз болса да, арыңыз болғанында, мандатыңызды әллеқашан тапсырған болар едиңиз.
Жуўмақ ретинде, “жоқарыда отырғанлар” бир нәрсени умытқан қусайды. Қарақалпақстан халқының я бир түйирли экономикасы жоқ, экологиялық апатшылығы дүньяға мәлим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў тараўлары болса деградацияда, бирақ та соған қарамай, көнип жасап киятыр. Жалғыз қалған нәрсеси бул сол референдум өткериўге болған ҳуқықы ҳәм оны сизлер тартып ала алмайсыз, буған ҳешким көнбейди ҳәм.
Күш пенен тартып алыў тек те радикалластырыўға алып келеди, шешимиңизди артқа қайтарған жағдайыңызда да, мениңше, алдынғыдай қарым-қатнасық болмайды. Сол ушын, еле де жақсылап ойланып көриң. Peace. ✌️