Конституциялық реформа
Өткен айдан баслап, Өзбекстанда конституциялық реформалар ҳаққында гәп-сөзлер басланды. Әдетте авторитар режимлерде бундай өзгерислер, тийкарынан, сол режимниң легитимлилигин узайтыў/создырыў ушын қолланылады. Әпиўайы халық тилинде, русша “обнуление” деп аталатуғын бул процесс Каримов дәўиринде де пайдаланылған, ал 2020-жылы Россияда, усы жылы — қоңсылас Қазақстанда болып атыр (Қазақстандағысы ҳәзирше реформа, президентиниң айтыўы бойынша, “обнуление” болмайды, енди буны ўақыт көрсетеди). Усы “нөллестириў”лер ҳаққында ҳәм қайсы мәмлекетлерде бундай қубылыслар болғанлығы туўралы Газета.уз’да жақсы материал таярланған екен (орысша; өзбекше).
Улыўма алғанда, конституциялық реформалар бул жәмийет ҳәм цивилизациялар эволюциясындағы тәбийий жағдай. Яғный, адамлар, жәмийетлер раўажланған сайын, олардың мүтәжликлери, көз қараслары өзгерип барады.
Лекин, бизлердиң жағдайда бул реформа “жасалма”ға уқсап тур. Себеби, оның тәбийий болыўы ушын, мәмлекет пенен халық “бир толқын”да болыўы зәрүр, яғный қандайда бир мақсетке биргеликте умтылыўы керек. Бизлерде болса еле ондай “толқын” жоқ, халық, бәлким, елдиң раўажланыўын қәлер, бирақ та мәмлекет ҳәм оның бюрократиясы буны өзгеше түсинеди.
Бәлким, бул реформа жақсы нийет пенен-ақ исленип атырған болыўы мүмкин, деген менен Конституциялық комиссияның басшысы етип Акмал Саидов деген адамның қойылыўы бул нийетлердиң пыт-шытын шығарды, бизиңше.
Бул адамды мен хамелеонға мегзетемен: қәлеген режимде ислеп кете береди, қәлеген режимди қоллап кетеди, принцип дегенниң “п” ҳәриби де жоқ. Гитлердиң қасына жиберсеңиз, нацизмди, Ли Куан Юдиң жанына барса, үшинши дүнья мәмлекетин биринши дүнья мәмлекетине айландырыў кереклигин, ал Арқа Кореяға барса — Чучхе ең дурыс идеология екенлигин тоқтамай “сайрайтуғын” демагог сыяқлы.
Яқшы, ҳәзирше алдыға түсип жорғаламай турайық, мүмкин, мырза президенттиң өзинен кейин жақсы система қалдырып кетиў ойы бар шығар, ойында не бар-жоқлығын биз билмеймиз ғой. Сол мақсетте, конституцияға:
- импичмент;
- президент ўазыйпаларының бир бөлегин парламентке бериў;
- ҳәкимлерди сайлаў ҳуқықы;
- келешекте суперпрезидентлик республикадан парламентар республикаға өтиў
— усы сыяқлы өзгерислерди киргизиўди нийет қылған шығар, бәлким?
Булардың барлығын енди ўақты келгенде билип аламыз. Лекин, мени жоқарыдағы Газета.уз’да жәрияланған мақаланың ең соңында берилген сораў қызықтырып тур-да.
Айтайық, Конституциялық комиссия барлық қызығыўшы тәреплердиң пикирлерин, усынысларын жыйнап, конституциялық өзгерислерди референдум я басқа көринисте даўысқа қойды. Усыныслар қабыл етилди деп те есаплайық. Егер бул усыныслардың арасында 90-статьяны (президент избе-из еки мүддеттен артық сайлана алмаўын) өзгертиў бойынша усыныс болмаса да, бул конституцияның “обнуление” болыўына алып келе ме деген сораў пайда болады.
Буған енди Конституциялық Суд деген орган анық жуўап бериўи лазым, деген менен бизлердеги судлардың жағдайын еске алсақ, объектив жуўап алыўымызға үмит етиў даргүман.