Ivy League’та биринши қарақалпақ(станлы?)

Көпшиликке белгили болса керек, АҚШта The Ivy League (қарақалпақша: Шырмаўық лигасы, русша: Лига плюща) атлы 8 жеке университеттен ибарат ассоциация бар. Бул университетлер, тийкарынан, АҚШтың арқа шығысында жайласқан болып, тек АҚШтың ғана емес, ал дүньяның ең атақлы университетлери қатарына киреди.

Ассоциациядағы университетлер: Brown University, Columbia University, Cornell University, Dartmouth College, Harvard University, University of Pennsylvania, Princeton University ҳәм Yale University. Бул университетлер жүдә ҳәм жоқары сапалы билим бериў мүмкиншилигине ийе болып, ол жерде дүньяға танылған көплеген адамлар өз ўақтында тәлим алған.

Жақын күнлерде бир хабарды оқып жүдә қуўандым. Жерлесимиз Айнура Dartmouth College’ине тек оқыўға қабылланып ғана қоймастан, ол жерде бакалавр басқышында оқыўын толық қаплайтуғын грантты да жеңип алған екен (жылына $85,000)! Бул жеке мен ушын, еле жылдың ярымында болсақ та, сөзсиз, жыл жаңалығы болды.

Dartmouth College’ине 1769-жылы тийкар салынған болып, ол ҳәзирги күнде, шама менен, 8,5 миллиард АҚШ долларлық эндаумент фондқа, сондай-ақ 1,2 миллиард АҚШ долларлық жыллық бюджетке ийе. Салыстырыў ретинде келтирип өтетуғын болсам, Қарақалпақстан Республикасының 2024-жылғы бюджетинде дәраматлар 241 миллион АҚШ доллары, қәрежетлер болса 404 миллион АҚШ доллары эквивалентинде болыўы күтилмекте.

Dartmouth College U.S. News & World Report баспасының АҚШ университетлери рейтингинде 18-орынды ийелеген. Сондай-ақ, берилген мағлыўмат бойынша, университеттиң қабыллаў көрсеткиши 6% екен, бул дегени бәсеки жүдә күшли ҳәм бул оқыў орнына ҳүжжет тапсырған шәртли 100 абитуриенттиң тек алтаўы ғана оқыўға қабылланады. Салыстырыў ушын, бул көрсеткиш Stanford ҳәм MIT ушын 4%, ал Harvard ушын 3%.

Қаҳарманымыз Айнураның бул жетискенлигинде оның билими, қызығыўшылықлары менен биргеликте оның проактивлиги үлкен роль ойнаған десем, алжаспаған боламан. Ол өзин академиялық билимлери жағынан ғана көрсетип қоймастан, буннан тысқары басқа ҳәр қыйлы бағдарламаларға қатнасып, белсенди болып отырған. Мысалы, ол 2021-жылы TechGirls Exchange бағдарламасында финалшы болған, 2023-жылда Asian Girls In Action бағдарламасында Орайлық Азияның бирден-бир елшиси ретинде Тайвань мәмлекетине барып келген. Буған қосымша ретинде, ол мектеп оқыўшылары ушын университет дәрежесинде илимий изленислер алып барыў имканиятын бериўши Pioneer Academics жойбарында 100% лик грант пенен қатнасып, америкалы профессорлардан сабақ алған ҳәм биргеликте илимий мақалалар таярлаған.

Айнура Dartmouth’қа кириў арқалы бизиң жәмийетимизде кеңнен тарқалған көплеген стереотиплердиң бузылыўына себепши болған десем, алжаспаған боламан. Бириншиден, қарақалпақстанлылар да дүньяның топ университетлерине толық грант тийкарында кире алыўы мүмкин. Әлбетте, бул жүдә қыйын, лекин дурыс бағдарда ҳәрекет еткен, умтылған адам буған ерисе алады.

Екиншиден, жәмийетимиздеги көпшилик адамлар ҳәм олардың көзқараслары консерватив. Тилекке қарсы, қыз балаларға келгенде, сол консерватизм өткир көриниске өтеди. Яғный, қыз баланың оқыўына, әсиресе шет елде оқыўына, ул балаларға салыстырғанда, көбирек қарсылықлар болады. Айнураның кейси бул консерватизмди бираз болса да, жумсартыўына түртки болыўына исенемен.

Үшиншиден, шет елде оқыў ушын орайда, мәселен, Нөкисте туўылып, билим алыў шәрт емес. Шоманайда туўылып-өсип ҳәм сол жерде билим алған Айнура басқа да регионлардағы жасларға үлги болары анық.

Төртиншиден, топ университетлерге кириў тек ғана Президент мектебиниң питкериўшилериниң маңлайына жазылмаған. Бул соңғы айтылған пикир Президент мектебине кириў тестлеринен өте алмаған ямаса әпиўайы мектеплерде оқып атырған оқыўшы-жасларға мотивация болады, мениңше. Айнура 9 жыл Шоманайдың әпиўайы мектебинде тәлим алды, тек соңғы еки жылын қәнигелестирилген мектепте даўам еттирди (агентликке қараслы екенлигинен хабарым бар).

Жерлесимиздиң жетискенлиги бул бир мәртелик феномен бе яки қайталаўға болатуғын шаблон ба — буны ўақыт көрсетеди. Бирақ, мен келешекте The Ivy League университетлери, Harvard, Stanford, MIT сыяқлы дәргайларға оқыўға кирген басқа да жасларымыз ҳаққында хабарларды күтип қаламан. Ал, Айнураны болса бул үлкен жетискенлиги менен шын жүректен қутлықлайман ҳәм оқыўларында тасқын табыслар тилеп қаламан.

P.S. Dartmouth ҳаққында мен дәслепки рет 8-класымда, информатика пәни сабағында еситип едим. BASIC бағдарламаластырыў тили сол жерде ойлап табылған екен 😅.