Нөкисте IT-мектеп
Быйылғы жылдан баслап Нөкис қаласында алдынғы қәнигелестирилген мектеп тийкарында информациялық технологияларға бағдарланған IT-мектеп өз искерлигин баслапты. Бул, мениң пикиримше, жақсы жаңалық. Мектеп оқыўшыларында қанша көп таңлаў имканияты болған сайын, олардың талантларын анықлаў ҳәм раўажландырыў дәрежеси де жоқары болады деп ойлайман. Өзим де IT тараўында ислеўши қәниге ретинде бул жаңалыққа байланыслы пикирлеримди жазып өтиўди мақул көрдим.
IT тараўы ең тез раўажланып, күннен-күнге қурамаласып, кеңейип баратырған тараўлардың бири есапланады. Жасалма интеллект (artificial intelligence), машиналық үйрениў (machine learning), ChatGPT, OpenAI сыяқлы терминлерди жаңалықларда, бәлким, көрген, оқыған ҳәм еситкен шығарсыз. Тараўдың қурамаласқаны биз тутыныўшылар ушын жақсы, әлбетте, себеби биз бул арқалы еле де сапалы өним ҳәм хызметлерге ийе боламыз. Бирақ, сол тараўда оқыўды, ислеўди ойлап жүргенлер ушын қойылатуғын қосымша талап — билим ҳәм көнликпелери әдеттегиден тереңирек болыўы керек. Сол себепли, мектеплерде, ЖООда берилетуғын фундаментал билимлердиң әҳмийети де артып бармақта.
Усы жерде жеке бир мысал келтирип кетсем. Жақыннан берли қарақалпақ тилин раўажландырыўда жасалма интеллект жәрдеминде қандай илажларды әмелге асырыў мүмкин деген сораўға жуўап излеп жүр едим. Бир нәрсеге көзим жетти, жасалма интеллектке байланыслы тараўларды үйрениў ушын, жақсы фундаментал билимлер зәрүр екен, тийкарынан, математикадан. Мен мектеп бағдарламасындағы пәнлерди жаман өзлестирдим деп айта алмайман, бирақ университетте, бакалавр басқышында оқып жүрип алған фундаментал билимлерим шала болды. Усы ўақытқа шекемги искерлигимде бул бослықлардың орны онша билинбеген еди, лекин ҳәзирги заман ҳәм келешек кәсиплерин өзлестириўде болса усы шалалықлар өз сөзин айтып атыр.
Егер жоқарыда мен айтып өткен жаңадан ашылып атырған IT-мектеп өз алдына қойған мақсетлерине ерисетуғын болса, бул мектеп питкериўшилери анық пәнлерден жақсы фундаментал билимлерге ийе, информатика пәнинен хабары бар, инглис тилин жақсы дәрежеде өзлестирген ҳәм онша қурамалы болмаған компьютер бағдарламаларын жарата алатуғын болып шығады.
Ата-аналар, егер сизиң ул-қызларыңыздың жоқарыдағы пәнлерге қызығыўшылығы бар болса, усы мектепке ҳүжжет тапсырыў усынысын ойлап көриўиңизди мәсләҳәт еткен болар едим. Мектеп атамасынан келип шығып, тек IT тараўының маманы болыўды қәлеўшилер тапсырады екен деп ойлағанлар қәтелеседи. STEM (Science, Technology, Engineering, Maths) тараўына қызыққан қәлеген оқыўшыға бул мектепте берилетуғын билимлер келешекте ЖООда табыслы оқыўына да зәрүрли ҳәм жеткиликли болады деп ойлайман.
Мектеп жәмәәтине келешек әўладқа билим бериўде шаршамаўына тилеклеспен. Мектепте бағдарламадан тысқары оқыўшыларда еркинлик, өзине болған исеним, жуўапкершилик, өз комфорт зонасынан шыға алыў сыяқлы көнликпелерди раўажландырыў ҳәм көзде тутылған деп үмит етемен. Егер мениң билимим, тәжирийбелерим мектептиң раўажланыўына аз болса да жәрдеми тийетуғын болса, мен ҳәмме ўақыт өз имканиятларымнан келип шығып, көмегимди бериўге таярман.