“Админреформа”
2022-жыл жуўмақланыў алдынан админреформаға старт берилгенлиги ҳаққындағы гәп жоқарғы минберлерден турып айтылып еди. Режеге көре, министрликлер ҳәм ведомостволар санын сол ўақыттағы 61 ден 28 ге, ал чиновниклерди болса 30-35% ке қысқартыў нәзерде тутылып еди. Бул реформадан гөзленген тийкарғы мақсет ықшам, эффектив ҳәм профессионал мәмлекетлик басқарыўға өтиў болған.
Арадан бир ярым жылға шамалас ўақыт өткенлигин есапқа алып, бул “реформа” нәтийжелерин анализлеп, бираз жуўмақ шығаратуғын жерине келдик деп ойлайман. Улыўма алғанда, реформа алдын ала мақсет етип қойылған нәтийжени берди деген пикирде емеспен. Дурыс, 2023-жылдың басында бираз реструктуризациялар болды: гейбир министрликлер жабылды, гейбиреўлери басқаларының қурамына киритилип жиберилди. Бирақ, ўақыттың өтиўи менен, тийкарынан, сол баслаған ноқатымызға айланып қайтып келдик ҳәм, керисинше, аўҳал жылдан жылға жаманласыўға қарап кетти.
Мәмлекетлик басқарыўда қанша чиновниклер хызметте екенлиги ашық мағлыўматлардан табыла ма, буннан бийхабарман, лекин экономист-блогер Отабек Бакиров бул нәрсеге қаржы мәселеси жағынан қарап, қызық жуўмақларға келген.
Блогер өз анализлеринде чиновниклердиң бюджеттен өзлерине ажыратқан қаржылары жылдан жылға артып баратырғанлығына итибар қаратады. Мәселен, 2019-жылда оларға бюджеттен 3,7 трлн. сом ажыратылған болса, жылдың соңына барып олар планды 33% артығы менен орынлап, 5 трлн. сом жумсап үлгерген; 2020-жылы 5,3 трлн. сом ажыратылған, бирақ және 39% артығы менен, 7,4 трлн. сом сарпланған; 2021-жылы 6 трлн. сом ажыратылып, 8,5 трлн. сом жумсалған (42% ке көп); 2022-жылда 9,1 трлн. сом ажыратылған — 13,7 трлн. сом сарпланған (50% тен көп!); 2023-жылда жумсалған сумма болса 17 трлн. сомды қураған. Көрип турғаныңыздай, чиновниклер бары-жоғы 4 жылдың ишинде 3,7 трлн. сомды 17 трлн. сомға шекем алып шыққан, яғный қәрежетлер 460% ке көбейген!
Ҳәттеки раўажланған мәмлекетлерде бюрократияның эффективлиги жеке сектордан әдеўир кейинде турады. Қандай мәмлекет болмасын, демократиялық яки авторитар, чиновниклер барлық ўақытта өзлерине жумыс табыў менен бәнт. Яғный, олар жумыссыз отыра алмайды, өйткени жумыссыз отырды дегени олардың мәмлекетке керек емеслигин аңлатады. Ал, бул болса, өз нәўбетинде, оларға ажыратылатуғын қаржы муғдарына өз тәсирин тийгизиўи мүмкин. Сол себептен, чиновниклер өзлериниң искерлиги мәмлекет ушын әҳмийетли ҳәм керекли екенлигин дәлиллеў мақсетинде, бар күши менен ҳәрекет етеди, зәрүр делинбеген жумысларды ислеп болса да.
Деген менен, соны да есапқа алыў керек, демократиялық еллерде министрлер яки сол дәрежедеги чиновниклер парламентке есабат тапсырып отырады. Депутатлар ямаса сенаторлар оларды қәлеген ўақытта сораўға тутыўы мүмкин. Егер сол министр биздеги сыяқлы қәрежетлери 50% ке артып кеткенлигиниң себебин парламент алдында түсиндирип бере алмаса, артықша сумма бир жақта турсын, өз лаўазымынан айырылыўы итималы да жоқ емес.
2024-жылдың биринши шереги жуўмағы бойынша, мәмлекет бюджетиниң дефицити 19,8 трлн. сомды қураған. Бул “жаңа” деп тәрийипленип атырған дәўирдеги абсолют рекорд есапланады. Мәмлекетте бир-бирин тыйып турыўшы механизмлер жаратылмағанша, бул рекордлардың жаңаланыўы даўам ете бериўи мүмкин ҳәм буған ҳайран болмаў керек. Ал, “сеники-меники” делинген жаңа конституция, ҳәр қыйлы реформалар болса тек ғана тырнақша ишинде өз өмирин даўам ете береди.