PISA
Хабарыңыз болса керек, дүняның түрли мәмлекетлериндеги мектеп оқыўшыларының билим дәрежесин баҳалап бериўши PISA сынақларының 2022-жылы өткерилген имтихан нәтийжелери жәрияланып еди. Онда өзбекстанлы мектеп оқыўшылары биринши мәрте қатнасты.
PISA (Programme for International Student Assessment) — бул Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми (en. OECD; ру. ОЭСР) тәрепинен шөлкемге ағза ҳәм ағза болмаған мәмлекетлер арасында үш жылда бир мәрте өткерилетуғын тест сынағы болып, онда 15 жастағы мектеп оқыўшыларының математика, тәбийий пәнлер (science) ҳәм оқыў саўатханлығы бойынша билим ҳәм көнликпелери баҳаланады.
Соңғы тест нәтийжелери бойынша, Өзбекстан өткерилген сынақларда қатнасқан 81 мәмлекет арасында математика пәни бойынша 72-орын, оқыў саўатханлығы, сондай-ақ тәбийий пәнлер жөнелисинде 80-орынды ийелеген ҳәм үш пән бойынша да дизимдеги соңғы он мәмлекет қатарында келтирилип өтилген. Ҳәтте урыстан басы шықпай атырған Палестинаның нәтийжелери бизиң нәтийжелеримизден тәўир-ақ жоқары. Солай екен, бул тест сынақлары бизиң улыўма билимлендириў системамыздың ҳәзирги жағдайын айқын көрсетип бере алды десем, қәте айтқан болмайман.
Нәтийжелердиң анализлерине келетуғын болсақ, ол жерде ҳәм қызық, ҳәм қорқынышлы статистика бар. Еле де түсиниклирек етип айтатуғын болсам, PISA тестлеринде сораўлар қурамалылығы жағынан дәрежелерге бөлинген: ең аңсат сораўлар 2‑дәреже деп көрсетилген болса, ең қыйыны — 6‑дәреже. Усыннан келип шығып, өткерилген PISA сынақларында бизиң мектеп оқыўшыларымыздың сораўларға берген дурыс жуўапларының пәнлер ҳәм сораўлардың қурамалылық дәрежеси бойынша статистикасы төмендегише:
— математика пәни бойынша 14% оқыўшылар 2‑дәреже, 4,2% — 3‑дәреже, 0,7% — 4‑дәрежени ала алған;
— оқыў саўатханлығы бойынша 12,2% — 2‑дәреже, 1,8% — 3-дәреже, 0,1% — 4‑дәреже;
— тәбийий пәнлерде 16,5% — 2‑дәреже, 2,2% — 3‑дәреже, 0,1% — 4‑дәрежени көрсеткен.
5 ҳәм 6‑дәрежелер бойынша статистика қәне? — деп ҳайран болыўыңыз мүмкин. Жуўап: бундай көрсеткиш бизде жоқ. Өйткени, бирде-бир оқыўшы ҳешбир пән бойынша 5 ямаса 6‑дәрежели қурамалылықтағы тестлерди шеше алмаған. Бул, әлбетте, қорқынышлы нәтийже. Салыстырыў ушын, сингапурлы оқыўшылардың 41% и математикадан кеминде 5‑дәрежени алған.
Оннан да қорқынышлысы, оқыўшыларымыздың 60% тен артығы ҳәрбир пән жөнелисинде ҳәтте 2-дәрежени де көрсете алмаған. Мысалы, оқыў саўатханлығы бойынша минимал 2‑дәреже ушын критерий мынандай: «орташа узынлықтағы тексттиң тийкарғы идеясын анықлай алыў; анық көрсетилген, бирақ қурамалы критерийлер тийкарында мағлыўмат таба алыў; егер анық етип көрсетилген болса, тексттиң мақсети ҳәм формасы ҳаққында пикир жүргизе алыў». Буннан келип шығатуғыны сол, биздеги 86% оқыўшылар әпиўайы текстти оқып, оны анализлей алыў көнликпесине ийе емес.
Қоңсы мәмлекетлер менен нәтийжелеримизди салыстырып қарайтуғын болсақ, Қазақстан бизден әдеўир алдында: математикадан 46, тәбийий пәнлерден 49 ҳәм оқыў саўатханлығынан 61‑орынларды алған. Постсовет еллериниң арасында Эстония жетекшилик етип атыр: математикадан 7, тәбийий пәнлерден ҳәм оқыў саўатханлығынан 6‑орынларды алған. Бәрекелла, эстонлар. Әне, кимнен үлги алыў керек.
Нәтийжелерди жақсылаў ушын, бул жағына енди не ислеў керек деген күтилген сораўға экспертлер төмендегише пикирлерин билдирип өткен.
Биринши нәўбетте, билимлендириў тараўындағы популизмди жоқ қылыў зәрүр. Ҳәзир ийт пенен қус «жоқарыға» жақсы көриниў ушын, билимлендириўге байланыслы ҳәр қыйлы илажларды көтерип шығып, әмелге асырыўға ҳәрекет етип атыр. Тараўды өз маманларына қалдырып, басқаның сырттан араласыўына жол қойылмаўы керек.
Билимлендириў тараўын «тәжирийбе қояны» ретинде пайдаланыўды тоқтатыў лазым. Мәселен, усы жылдан баслап таза сабақлықларды ислеп шығыў ушын эксклюзив ҳуқықты «Novda» деген компания қолға кириткен ҳәм де буны әмелге асырыў ушын мәмлекеттен пәлен миллиард сомлық буйыртпа алған — ҳешқандай тендерсиз. «Көшедеги кемпирлердиң» гәплерине қарағанда, бул компанияның «үлкен қыздың» оң қолына қатнасы бармыш.
Қабыл етилгенлигине еле көп ўақыт болмаған мәмлекетлик билимлендириў бағдарламасы бир жақта қалып, ҳешқандай бағдарламасыз дүзилген сабақлықлар оқыўшылардың қолларына жетип барғанлығын ҳәм муғаллимлер, ата-аналар, экспертлер бул сабақлықлардан көплеген кемшиликлерди таўып атырғанлығын айтып кетиў де орынлы.
2030-жылға барып PISA тестлеринде топ-30 лыққа кириў мақсети алға қойылған екен. Буны, әмелге асырыўдың, әлбетте, илажы жоқ. Топ‑30 лық бир жақта турсын, биз ҳәтте қоңсы Қазақстаннан кеминде он жыл артта екенлигимизди умытпаўымыз керек. Сонлықтан, бундай популистлик, әмелге аспаўы алдыннан мәлим болған мақсетлерди бир шетке жыйнастырып, прагматикалық мақсетлер қойылыўы дәркар.
Жоқарыда сөз етилген темаға қосымша ретинде мына видеоны көриўди усыныс етемен. Онда PISA тестлери нәтийжелери туўралы экспертлер менен сәўбет алып барылған.
Сол видеодағы экспертлердиң бири, Комил Жалиловтың өзиниң Telegram-каналы ҳәм бар, ол жерде билимлендириў тараўындағы машқалалар анализленип, критикалық көзқараслар жазып барылады. Қызығыўшылық билдиргенлерге, әлбетте, каналға қосылып қойыўды мәсләҳәт еткен болар едим.