Адамлар не дейди
Егер маған кимдур “бизлердиң жәмийетимизди артқа қарай тартып атырған ең жаман әдет қайсы?” деп сораў берсе, ойланбастан турып “адамлар не дейди”ни айтып жуўап берген болар едим. Бәлким, бул ҳәзирги дәўирдеги жәмийетимиздиң ең үлкен машқалаларының бири емес шығар, деген менен мен буны адамлардың, жәмийеттиң алға илгерилеўин әстелететуғын ямаса буған, улыўма, тосық болатуғын барьерге мегзеймен.
Бизиң жәмийетте, негедур, орталықтың пикири дерлик абсолют дәрежеге жеткерилген. Яғный, адамлар басым көпшилик ҳәрекетлерин, биринши нәўбетте, әтирапындағы басқа адамлардың “линзасынан” өткерип алады. Егер сол коллектив буның ис-ҳәрекетлериниң “дурыслығын тастыйықламаса”, усы адам өзин басқалардан ажыралып қалғандай сезинеди.
Буны бир-еки жасалма мысалларда көрип өтсек.
Толыбай жаслығынан сүўрет салыўға қызығады. Устазлары оны туўма талант ийеси деп биледи ҳәм ол ҳәзир мектепти питкерейин деп тур. Лекин, Толыбайдың ата-анасы оның жоқары оқыў орнында искусство бойынша билим алыўына қарсылық етип атыр. Себеп неде десе, адамлар “ана көшениң басында туратуғын Пийшенбайға уқсаған пияңшик сүўрет муғаллими бола ма” деп гәп айтады екен. Әне усы бир аўыз гәп тәсири менен жәмийет талантлы бир сүўретшиден айырылады. Оның орнына экономика, юридика яки соған уқсаған, адамлар еситсе “оҳо..” дейтуғын тараўда оқып шыққан, бирақ та қәнигелик бойынша ҳешқандай жетискенликке ерисе алмайтуғынлар саны және биреўге көбейеди.
Нөкисбай ағамыз мәмлекетлик шөлкемде басқарыўшы болып ислейди. Астында мәмлекет тәрепинен берилген машинасы да бар. Кеңсеси үйинен дым узақ болмаса да, жумысқа сол машинада барып келеди.
Жақында денсаўлығы себепли шыпакер көригине барған екен, ол жердегилер “артықша салмағыңыз бар, көбирек физикалық ҳәрекет ислеўиңиз керек, илажы барынша көплеў пияда жүриң деп кеңес етипти. Енди мәсләҳәтке әмел етип жумысына пияда қатнайын десе, адамлардың гәплеринен қорқады: “Нөкисбай баслық жумысына жаяў қатнап жүр, не болған екен-әй, Ташкенттегилер машинасын алып қойды ма екен, я” деген гәплер яки соған уқсаған мыш-мышлардың тарап кетиўинен қорқады.
Ал, Нөкисбай баслық болса денсаўлық кетсе кетсин, бирақ адамлар арасында “лишний” гәплер болмаса болды деп, салмағының еле де өсиўине үлес қосып жүре береди.
Бул “адамлар не дейди” арқалы жәмийеттеги шахслар өзлерин бир қәлипке салып қояды. Усы қәлипке түспейтуғынлар жәмийетте өзин “изгой” деп қабыллайды.
Ойымша, жәмийетимиз өте консерватив болыўына себеплердиң және бири де — бул адамлардың өзлериниң әтирапында жасалма шегара қурып алғанлығында. Консерватив жәмийет түсиниги, әдетте, раўажланыўдан тоқтап қалған дегенди аңлатады.
Мениң жеке пикирим, сизиң қандай да бир шешим қабыллаўыңызда адамлардың не айтыўы оныншы ҳәм оннан кейинги дәрежелерде болыўы керек, яғный вариантлардың бири, бирақ жалғыз дурыс вариант емес. Баслысы, сизде өзиңиздиң шешимиңизге деген толық исенимиңиз болса, алға қарай баса бериң, ҳәр қыйлы консерватив пикирлерге ҳеш те қулақ аспаң. Сизиң қандай кийим кийиўиңиз, ким менен мүнәсибетте болыўыңыз, неше жаста турмыс қурыўыңыз, ким менен дос болыўыңыз, қай жерде оқыўыңыз ямаса ислеўиңизди коллектив қәлип емес, ал жеке өзиңиз шешиўиңиз керек.
Жәмийет алға илгерилеўи ушын, онда көп пикирлилик, плюрализм болыўы лазым. Тек ғана “адамлардың не деўи” арқалы шешимниң “дурыслығы” тексерилетуғын жәмийеттиң прогрессив келешегине исеним жоқ.