Креативлик ҳәм қорқыў
Бир қарағанда, креативлик ҳәм қорқыў сезиминиң арасында онша жақынлық жоқтай көринеди, бирақ, мениңше, бул екеўиниң ортасында корреляция (байланыс) бар сыяқлы. Яғный, қысқаша айтатуғын болсам, қорқыў бар жерде креативлик болмайтуғындай.
Қубла Кореяның BTS K-pop жигитлер топары ҳаққында еситкен болыўыңыз мүмкин. Егер еситпеген болсаңыз, жети жигитти өз қурамына алған бул топар ҳәзирги күнде дүнья жүзилик көлемде супер жулдыз дәрежесине жеткен. Қайсы елде концерт берсе де, стадионлар лық толы, YouTube’та клиплериниң көриўлер саны миллиардтан асқан, қосықлары ҳәр қыйлы хит-парад ҳәм чартларда жоқары орынларды узақ ўақыттан берли бермей киятыр, батыс мәмлекетлериның ақшамғы ТВ-шоулары да оларды өз мийманы ретинде шақырыўды үлкен ҳүрмет деп биледи.
Буннан тысқары, ҳәзир даўам етип атырған футбол бойынша жәҳән чемпионатының ашылыў мәресиминде де BTS ағзасы Джонгук қатнасты ҳәм қатарлы Фаҳад Ал-Кубаиси менен бирге “Dreamers” қосығын атқарып шықты.
Hyundai илимий институтының мағлыўматларына көре, BTS өзиниң искерлиги арқалы Корея экономикасына жылына 3,6 миллиард долларға шамалас пайда алып келеди екен.
Енди ойлап көрейик, бизиң мәмлекетте де усы BTS дәрежесине жете аларлықтай топар шығыўы мүмкин бе? Мениң буған гүманым бар, себеби бизлердиң жәмийетте қорқыў сезими еле толық жоқ болып кеткен емес. Қосықшылар толық креативликти иске сала алмайды, өйткени сонша ықласын берип жаратқан дөретпесин ертең базыбиреўлердиң “рамкасы” себеп шығара алмай қалыўынан қорқады.
“Өзбекконцерт”ке уқсаған регулятор хызметин атқарыўшы шөлкемлер усы қорқыўдың реал көринис алыўында “бийғәрез” хызмет етип келмекте, олар артистлердиң көринисинен баслап қосықларындағы ҳәрбир сөзине шекем тексерип отырады.
BTS бул регулятор “көригиниң” биринши басқышынан-ақ өте алмаған болар еди: “ернин, көзин, шашын бояған, қулағына сырға таққан, демек, олар шириген батыс идеологиясын бизлерге сиңдирежақ!” Нәтийжеде, қосықшыларда креативликке умтылыў да болмайды, себеби оннан пайда ямаса дәрамат келиў-келмеўи белгисиз, лекин ҳәр қыйлы “бас аўырыўларды” алып келери анық.
Қорқыўдың бундай көринисин биздеги тек мәденият хызметкерлерине ғана емес, ал улыўма, басқа ҳәрқандай тараўға байланыстырып қараўға болады. Мысалы, исбилерменлеримиз глобал базарға шығатуғын өним үстинде ислемейди, өйткени ертең оның бизнесин “жоқарыдағылар” алып қойыўы мүмкин яки күнделикли искерлигин ҳәр қыйлы тексериспеклер арқалы қыйынластырып барады. Сонлықтан, бизиң исбилерменлер узақ горизонтқа реже дүзе бермейди — узақ келешекте не болары белгисиз, пайданы усы жерде ҳәм ҳәзир алып қалыў керек. Не ушын биз тәреплерде көп ғана өним түрлери қымбат деген сораўға басыңыз аўырып жүрген болса — әне усы баслы себеплердиң бири.
Технология тараўында баҳасы кеминде 1 млрд. доллар болған компаниялар единорог (unicorn) делинеди. Ҳәзирде Өзбекстан ишинде бундай компаниялардың биреўин де келтирип өте алмайман, олар жоқ, жақын келешекте шығыўы да нагүман. Деген менен, халқының саны 1,3 миллион адам болған Эстонияда бундай компаниялар саны 10. Бул не дегени? Эстон халқы, сонда, өзбекстанлылардан 10 есе ақыллы ма? Эстонияның билимлендириў системасы бизлердикинен әдеўир алдында екены анық, лекин гәп бунда емес.
Баслы себеп — эстон халқы бизлерге қарағанда “еркинлеў” пикирлейди ҳәм оларда қорқыў дәрежеси төмен. Қорқыў дәрежеси төмен болған халықта экспериментлерге бейимлилик ҳәм жоқары болады, демек, өзгеше өним дөретиў итималлылығы да артады.
Жәмийеттеги ҳәрқандай актуал машқаланы алып шықсақ та, соңында, бәрибир, сол суд еркинлиги, жеке меншиклик ҳуқықы ҳәм усы сыяқлы принциплердиң дурыс ислеўине барып тақала береди.
Қосықшы қәлеген, өзи дурыс деп есаплаған (әлбетте, нызамшылыққа қайшы келмейтуғын) қосық шығарыў имканиятына ийе болыўы зәрүр, оны цензорлар емес, ал ықласбентлери баҳалаўы керек.
Еркин жәмийетте қосықшыларға тосқынлық етип атырғанларды әдил суд системасында жазалаў имканияты болады. Еркин жәмийетте бизнес жүргизиўге тосқынлық етип атырғанларды судқа бериў имканияты болады. Соның ушын, бизлердиң жәмийетимизге де жоқарыда айтқанымыз — еркинлик керек.
Ғәрезсизликти алдықтағы, бирақ еркинлигимиз еле жоқ.