Нызам үстемлилиги
Жақында “аўылдың” жергиликли форумларының биринде дискуссияға қойылған бир машқалаға көзим түсип қалды. Бул машқаланың, улыўма алғанда, бир айрықшалық тәрепи жоқ, “дени саў” мәмлекетлерде бул әпиўайы қабыл етиледи, бирақ бизлерге уқсаған үшинши дүнья мәмлекетинен келгенлерге ерси көринери анық.
Инглис тилин түсинетуғынлар, силтеме бойынша өтип, текстин өзлериңиз толық оқып көрсеңиз болады. Келиң, сонда да, усы орында қысқаша мазмунын айтып кетейин.
Машқаланы көтерген адамның жазыўы бойынша, ол жер жайда жасайды екен ҳәм оның үйиниң алдында, көше бойында, кимдур автомобиль тиркеўишин (прицеп) қойып кетипти. Тиркеўиш үш жылдан берли орнынан қозғатылмастан бир орында турған.
Қаҳарманымыз машқала бойынша жергиликли ҳәкимиятлық органларға хабарласқан екен, ол жердегилер егер тиркеўиш мәмлекетлик дизимнен өткен болса (ҳәрбир транспорт/транспорт қуралы жылда бир рет регистрациядан өтиўи керек) ҳеш нәрсе қыла алмаслықларын билдирипти, тиркеўиш те дизимнен өткерилген болып шығыпты. Полицияға хабарласса, олар да соған уқсас жуўапты айтыпты. Енди бул адам машқаланы (нызам шеңберинде) қалай шешсек болады деген сораўды форумда ортаға таслап отыр.
Бул, мениңше, терең үйренип көриўге арзыйтуғын жағдай. Биз ушын ҳәм пайдалы сабақ бола алады деп ойлайман. Тийкарғы сораў, неге үй ийеси тиркеўишти үйиниң алдынан басқа жаққа шығарып таслай алмайды? — бул сораўдың жуўабы әпиўайы. Бириншиден, тиркеўиш көшеде турыпты, көше болса — халықтың улыўма пайдаланыўдағы жери, демек, тиркеўиш үй ийесиниң жеке мүлки аймағында турған жоқ. Екиншиден, тиркеўишти орнынан қозғаў бул биреўдиң жеке мүлкине қол салыўшылық болып есапланады, еркин жәмийетлерде бундай ҳәрекетлер ушын нызам алдында жуўапкершилик белгиленген.
Енди бул машқалаға мәмлекетлик органлар: ҳәкимият ҳәм полиция көз қарасынан нәзер салып көрейик. Пуқара шағымынан соң, бул мәселени көрип шығатуғын мәмлекетлик органның қолынан келетуғыны — бул тек ғана транспорт қуралының дизимнен өткен ямаса өтпегенлигин тийисли тәртипте тексерип көриў. Егер регистрациясы пүтин болса, демек, бул органлардың қолынан басқа ҳеш нәрсе келмейди. Тиркеўишти орнынан руқсатсыз көшириўге өз ерки менен үлес қосатуғын болса — пуқаралардың жеке мүлкине қол салыўшылық статьясына қосымша өзине берилген толық ҳуқықтан тысқары кетиў айыбы да қосылары анық.
Жуўмақ ретинде соны айтып өтиў керек, нызамның үстемлилиги мәмлекеттиң раўажланыўында ең баслы критерийлердиң бири есапланады. Әпиўайы пуқара, президент, министр, ҳәким — булардың барлығы бирдей ҳуқықларға ийе ҳәм нызам алдында тең болыўы лазым. Жоқарыдағы мысалда көргенимиздей, нызам үстемлилиги жеке меншиктиң қорғалыўында қалқан ўазыйпасын атқарады. Ҳуқықый мәмлекетти қурыўдағы биринши қәдем — бул жеке меншиктиң нызамлы түрде қорғалыўын тәмийинлеў. Ҳәрқандай “жаңа” мәмлекет қурыўшылары буны есте сақлаўы зәрүр.