Денсаўлық

Бизиң адамлардың өз денсаўлығына болған мүнәсибетин көрип, мен ҳайран қаламан. Ҳәрекетлери тап ҳәрбир адамға жети жан берилгендей көринеди. Ҳаял-қызлар ҳаққында бир зат айтыўым қыйын, бирақ ер адамларда, итибар бергеним, үйленип болып, 30 жасларға барғанда, басым көпшилиги тап жел берилгендей семирип баслайды. Пайда болған қарынды ҳәзил ретинде қанша “авторитет” деп атамайық, тилекке қарсы, усы “авторитет”тиң пайда болғаны бул денсаўлығыңызда машқалалар пайда болып баслап атыр дегенди аңлатады.

Our World in Data ресурсындағы мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстан жүрек-қан тамыр кеселликлери менен байланыслы өлимлер саны бойынша дүньяда биринши орында турады екен (100 000 адамға 945,97 өлим). Итибар қаратылыўы керек болған жери, ақырғы 30 жылда бул көрсеткиш еки есеге өскен.

Тараў маманлары бул ҳәм басқа да кеселликлердиң тийкарғы себеплери ретинде төмендегилерди көрсетеди:

  1. Надурыс аўқатланыў (диета). Тән алып айтыў керек, бизиң аўқатларда май, дуз, қамыр ҳ.т.б. ингредиентлер көп муғдарда пайдаланылады. Булардың барлығы (артықшасы) денсаўлыққа зыян екенлигин раўажланған мәмлекетлердеги адамлар әллеқашан түсинип жеткен ҳәм ҳәзирги күндеги тенденция бундай ингредиентлерди илажы барынша азайтыўға қаратылған. Буннан тысқары, және бир есапқа алыныўы керек болған фактор бар, бизлер бай мәмлекет емеспиз, сонлықтан ҳәммениң де керекли/сапалы рационларды алыў имкәнияты жоқ.

  2. Алкогольли ишимликлерди нормадан көп ишиў. Алкоголь мәселесине келсек, биздеги ҳешбир отырыспақ яки той олсыз өтпейди. Мениң пикиримше, алкогольди шекленген муғдарда ишиў денсаўлыққа үлкен зыян алып келмейди. Бирақ та, бизиң адамларымыз көбинесе бир шийше арақты ишип тоқтай алмайды, “өшип” қалғанша ишиўи керек, болмаса есапланбай қалады. Ишпейтуғын адам жоқ, “ишпеймен” десе, аўзына мәжбүрлеп қуяды, тек больницадан “справка” әкелсең ғана, мәжбүрлемейтуғын шығар.

  3. Физикалық шынығыўлардың азлығы. Узақ ўақыттан берли шетте жүргенлигим себепли, үй бет пенен раўажланған мәмлекетлердиң арасындағы биринши болып көзге тусетуғын парқы бул адамлардың көшеде спорт пенен шуғылланыў дәрежеси деп ойлайман. Қайсы мәмлекет я қалада болмайын, азан болсын, түс болсын, кеш болсын — көшеде ҳәмме ўақыт жуўырып баратырған, жүрген яки ийтин айландырыўға шыққан адамларды көремен. Өзимиз тәрепте ондай тенденцияны ҳеш байқамадым. Көпшилик машина алып, мүмкин, жаяў жүриўди де азайтқан шығар.

Жоқарыдағы себеплерге бизлердиң региондағы экологиялық апатшылық та өз үлесин қосады. Және медицина тараўының ашынарлы аўҳалда екенлигин де умытпаўымыз зәрүр.

Мен адамлар өз денсаўлығына көплеў итибар қаратыўын қәлер едим. Дурыс, бул дүньяда ҳәрбир адамға қанша ўақыт ажыратылғанлығы алдыннан белгисиз, лекин бул тәўекелге исенип, денсаўлықты итибарсыз қалдырыўыңыз керек дегени емес. Ҳәрбир адам ҳеш болмағанда, өзиниң қолынан келгенинше өмирин узайтыўға ҳәрекет етиўине болады.

Глобал тенденцияларды алып қарайтуғын болсақ, адамлар төмендеги практикаларды пайдалы деп тапқан:

Жуўмақ ретинде, ҳәрким өз денсаўлығына қараў имкәниятына ийе, бул мүмкиншиликти қолдан бермең. Денсаўлығыңызға жаслықтан итибарлы болыўыңыз қартайған ўақтыңызда (салыстырмалы) саламат өмир сүриўиңизге негиз жаратыўы мүмкин.