Түркияда оқыў
Жақында “Америка ҳаўазы” (Voice of America) радиокомпаниясы ағзасы Беҳзод Мамадиевтиң Түркияның Бурса қаласынан таярлаған (жоқарыда берилген) қысқа көрсетиўин көрип қалып едим. Мениң итибарым түскен жери, Түркиядағы жоқары оқыў орынлары ҳаққындағы мағлыўматлар болды. Сол жерде оқыйтуғын жерлеслердиң, сондай-ақ интернеттен үстиртин қараған мағлыўматларым бойынша, Түркия университетлеринде оқыўдың шәртнама пулы семестрине $300 дан басланады екен ҳәм бул мен ушын күтилмеген жаңалық болды. Мен Түркияда оқыў ол дәрежеде (салыстырмалы) арзан болады деп ойламаған едим.
Түркия, мениң пикиримше, түркий (мен ҳәтте мусылман деген болар едим) дүньядағы ҳәр тәреплеме раўажланған ел есапланады. Ол базар экономикасы, демократия, инсан ҳуқықлары, жеке мүлк ҳуқықлары бойынша әдеўир жетискенликлерге ерискен. Ҳәзирги президент Режеп Тайып Эрдоғанның авторитар қылықлары, әлбетте, бул жетискенликлерди азмаз арқаға шегиниўге мәжбүр қылды. Бирақ, бул шегиниўлерди есапқа алғанда да, Түркияда бизиң елге усаған авторитар режимдеги мәмлекетлерге салыстырғанда еркинликлер әдеўир көп.
Өзбекстандағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында тәлим алыў студентлерге жылына, шама менен, $1200-1500 ға түседи екен (бул стипендия менен, егер стипендиясыз болса, $600-900). Ойлап қарасақ, Өзбекстанда “контракт”қа төленетуғын пул Түркияның университетлериниң “контракт”ына да жетип қалады екен (барлық орынларда да емес, әлбетте). Бул бизиң жасларымыз ушын жүдә ҳәм жақсы имкәният деп ойлайман. Егер сизиң абитуриент перзентлериңиз, ағайинлериңиз, танысларыңыз бар болса, бул вариантты бир ойласып көриўди мәсләҳәт еткен болар едим.