Мәмлекеттиң экономикадағы роли
Жақын күнлерде Әндижан ўалаятының районларының биринде мектеп муғаллимлериниң оқыўшылардың ата-аналарынан кеширим сораўға мәжбүрленгенлиги ҳаққындағы хабарларды еситкен шығарсыз. Бул, әлбетте, биз ушын жаңалық емес. Өз ўазыйпасына кирмейтуғын мәжбүрий қосымша жумыс ислеў бойынша бизиң елде билимлендириў ҳәм медицина тараўының хызметкерлери “чемпион” болса керек. Ҳәкимият ҳәм басқа мәмлекетлик органлардың “күши жететуғын” адамлар да тек солар бизиңше.
Енди бундай жағдай нормал жәмийетте/мәмлекетте болғанда, қандай жуўмақланыўы мүмкин еди деген сораўға жуўап излеп көрсек. Айтайық, мектеп директоры сол жердеги муғаллимлердиң биреўине оның ўазыйпасына кирмейтуғын тапсырма берди. Өзин ҳүрмет етиўши инсан ретинде муғаллим бул истен бас тартты. Директор “яқ, ислейсең” деп турып алды. Муғаллим “пошел…” деп, арзасын жазып, жумыстан шығып кетти ҳәм басқа тәўирлеў мектептен жумыс таўып орналасты. Бизлерде бундай “пошел” дейтуғынлар да табылатуғын шығар, бирақ, мениңше, бар болса да, жүдә ҳәм аз. Буған баслы себеплердиң бири бул мәмлекеттиң экономикадағы роли.
Экономист Юлий Юсуповтың айтыўынша, Өзбекстанда мәмлекеттиң экономикадағы үлеси, шама менен, 55% ке тең, яғный мәмлекетлик шөлкем ҳәм кәрханалар экономиканың ярымынан көбин қурайды. Бул жүдә ҳәм көп, раўажланған мәмлекетлерге итибар қарататуғын болсақ, бул көрсеткиш 20-25% тен аспайды, коммунистлик Қытайда бул көрсеткиш ҳәттеки 12% ти қурайды.
Биз билемиз, мәмлекет бул жүдә жаман басқарыўшы, буны есапқа алған раўажланыўды қәлеўши мәмлекетлер, биринши нәўбетте, мәмлекеттиң экономикадағы ролин азайтыўға ҳәрекет етеди. Себеби, дерлик ҳешқашан мәмлекетлик кәрханалар эффективлилиги жағынан жеке кәрханаларға жете алмайды.
Енди жоқарыдағы жағдайға қайтсақ. Ҳәзирде, бизиң шәраятымызда, мектеп муғаллимине ҳәр қыйлы мәжбүрий тапсырмалар жүклетилгенинде, “бийшара” оқытыўшының тутатуғын қандай жоллары, вариантлары бар:
Вариант #1. Жоқарыдағы “пошел” варианты. Лекин, бул вариант та усы ситуацияның басқа жерде қайталанбаўына кепиллик бермейди, себеби басқа баратуғын, барыўы мүмкин болған мектеп те мәмлекеттики болады. Буннан кейинги вариант келип шығады.
Вариант #2. Басқа мәкемеге өткени менен де, жағдай өзгермесе, онда муғаллимниң көниўден басқа илажы қалмайды. Критикалаўға ҳәммемиз шебермиз, бирақ машқаланың анық шешими бар ма өзи деп сораўыңыз мүмкин. Шешими бар: мәмлекет экономикадағы ролин кескин азайтыўы зәрүр. Муғаллимде таңлаў ҳуқықы болыўы керек: ол мәмлекетлик мектепте ислей ме яки меншиклик мектепте — өзи шешим қабылласын. Бул таңлаў имканияты оқыўшыда да болыўы лазым. Мениң қайсы емлеўханаға көриниўимди өзим шеше алыўым керек, мәмлекет емес.
Қысқасы, мәмлекет дерлик барлық тараўлардан шығып кетип, оның роли тек ғана қағыйдаларды белгилеў (регулятор), ҳәммеге бирдей шәраятлар жаратыў (монополияның алдын алыў), салықларды жыйнаў ҳәм оларды дурыс бөлистириў болыўы зәрүр. Жумыс орынларын жаратыў, салықларды төлеў сыяқлы тапсырмаларды жеке бизнестиң өзи де мәмлекеттен әдеўир жақсырақ бежере алады.