Телеграмда Қарақалпақстан байрағы
Ўақты-ўақты менен Телеграм-каналларда Қарақалпақстан байрағын эмодзилер қатарына қосыў туўралы шақырықларға көзим түсип турады. Кеше де әне усындай каналлардың биринде және сол хабар болған екен ҳәм ол жерде байрағымызды қосыў мақсетинде, Телеграмның усыныс бетине бир текст киритилипти. Енди канал авторы сол өзиниң усынысына басқалардың даўыс бериўине шақырып қойған екен. Сәл болса да, прогресс бар, алдын Павел Дуровтың өзиниң аккаунтына жазың деп жүргенлер бар еди. 😅
IT тараўының адамы ретинде азмаз усы темаға түсиник берип кетиўди мақул деп таптым. Бирақ та, қысқаша айтатуғын болсам, Қарақалпақстан байрағын эмодзилер қатарына қосыўдың илажы жоқ.
Телеграмда қолланылатуғын эмодзилер Телеграмның өзиниң продукты (өними) емес, тап сол эмодзилерди басқа мессенджер ямаса социал тармақлар ҳәм хызметлерде де ушыратыўыңыз мүмкин. Бул дегени — Телеграмның эмодзилерди басқарыў ҳуқықы жоқ. Сол себепли, Телеграм администрациясынан бул нәрсени сорағанның ҳешқандай нәтийжеси жоқ.
Эмодзилер Unicode деп аталыўшы символларды кодировкалаў стандартының бир бөлеги есапланады. Бул стандартқа дүнья жүзиндеги дерлик барлық тиллердиң жазыў системаларындағы символлар киргизилген. Яғный, жаңа эмодзилерди қосыў я өзгертиў, ямаса алып таслаў сол Unicode стандартында көрсетилген қағыйдалар бойынша әмелге асырылады.
Жаңа эмодзи қосыў усынысы бетинде байрақлар ҳаққында бөлек бир бөлим бар ҳәм ол жерде былай делинген:
“The Emoji Subcommittee and the UTC will no longer accept proposals for flags. Flags for countries with Unicode region codes are automatically added, with no proposals necessary.”
Аўдармасы: “Эмодзи жәрдемши комитети ҳәм Unicode техникалық комитети ендигиден былай байрақлар ушын усынысларды қабылламайды. Unicode аймақ кодына ийе мәмлекетлер (яғный, ғәрезсиз мәмлекетлер; бул Қарақалпақстанға тийисли емес) автомат түрде қосылады, оған усыныс талап етилмейди”.
Көрип турғаныңыздай, анық қағыйдалар көрсетилген. Бир-еки пайдаланыўшыға сондай қағыйдалары бар десем, “сонда да, көре берейик-те” дей береди, орыслардың “на авось” дегениндей (тап қарамай турғанда, усынысы өтип кететуғындай). 😅
Дослар, жоқарыдағыларды есапқа алған ҳалда, бул нәтийжесиз ҳәрекетлерди тоқтатайық. Қарақалпақстан байрағын бөлек стикер түринде жаратсаңыз болады да, лекин эмодзилер қатарына қосыўдың ҳәзирги күнде илажы жоқ.