Қарақалпақстан ўәлаяты
Davletovuz Телеграм-каналының хабар бериўинше, Өзбекстанның бирнеше ўәлаятлары Қарақалпақстан Республикасының районларын раўажландырыўға шақырылған екен. Мысал ретинде, Сурхандәрья ўәлаяты Тақыятас районын, Ферғана — Бозатаўды, Сырдәрья — Қанлыкөлди, Әндижан — Кегейлини раўажландырыўға көмеклеседи екен.
Қарақалпақстанның үлкен республика статусы болғаны менен, ол тек қағазда ғана қалған, реаллықта болса басқа ўәлаятлардан ҳешқандай парқы жоқ. Мен түсинер едим, егер “цивилизация” көрген мәмлекетлердиң кадрлары келип, тәжирийбелери менен бөлиссе, бирақ отыз жылдан берли бир системада “тәрбия” алғанлар келип, не нәрсени үйрете алыўына мен ҳайранман.
Бул, биринши нәўбетте, республика басшыларының жүзине үлкен “шапалақ” болды деп ойлайман. Өз қарамағыңыздағы аймағыңызды сәл болса да раўажландыра алмайсыз ба, онда басқалар келип ақыл үйрете басласа, қапа болмаң.