Вакцина

Соңғы мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстанда усы күнге шекем халық арасында толық вакцина алған адамлар саны, шама менен, 700 мыңнан зыятты қурайды (процент есабында 2%, тек 19 жастан жоқарыларды есаплағанда, 3% тен сәл көплеў). Ғалабалық иммунитетти тәмийинлеў ушын, кеминде 60-70% халықтың вакцина алыўы талап етилетуғынлығын есапқа алсақ, бул көрсеткиш жүдә ҳәм аз есапланады. Вакцинация жедел түрде алып барылған мәмлекетлерде, солар қатарында Израиль, Уллы Британия, АҚШ-та коронавирус пенен наўқасланғанлар саны да, өлимлер көрсеткиши де есесине азайғанлығын гүзетиўимиз мүмкин.

Вакцинацияның пайдасы бар екенлигине айқын мысаллар көз алдымызда бола турып, неликтен адамларда вакцина алыўға ол дәрежеде қәлеў яки қызығыўшылық жоқ? Мениң пикиримше, буған бирқанша себеплер бар.

Бириншиден, бул бойынша ҳүкимет тәрепинен жетерли дәрежеде қоллап-қуўатлаў болмағанлығынан. Жоқарыда мен келтирип өткен мәмлекетлердиң басшылары вакцинация басланыўы менен, бириншилер қатарында вакцина дозаларын қабыл етип алды. Бизлерде де, бириншилерден болып, президент ҳәм бас министр вакцина алып, “мине, бизлер алдық, вакциналарға исениўге болады, енди сизлер ҳәм алың” дегендей шақырық жоллағанында, бәлким, адамларда вакцинацияға деген көбирек исеним пайда болар ма еди.

Буннан тысқары информацион қоллап-қуўатлаў да айтарлық дәрежеде жақсы болмаған сыяқлы. Вирус ҳәм вакцина ҳаққында әпиўайы тилде барлық медиа орталықларда кампаниялар шөлкемлестириў, адамлар тәрепинен көп берилетуғын сораўларға толық түсиндирме бериў, вакцинаның пайдасын түсиндириўге жергиликли селебритилерди шақырыў сыяқлы илажлардан толық пайдаланылды ма екен?

Екиншиден, билимлендириў дәрежеси төменлиги де роль ойнады. Көпшиликке мәлим, бизиң билимлендириў системамыз узақ ўақыттан берли кризисте. Буның нәтийжесинде, көпшилик адамлар өзине зәрүрли мағлыўматты қалай излеўди де билмейди, бар мағлыўматтың қайсысына исениў кереклигин де белгилей алмайды, яғный “fake news”ге бейимлилиги жоқары. Сонлықтан, бундай адамларды “Билл Гейтс вакцина арқалы дүнья жүзин чиплап атыр” деп исендириў де аңсатырақ болады. Телеграм-каналларда тарқатылған ҳәр қыйлы “ана вакцинаны алған анаў болыпты, мына вакцина алған адам мынандай болыпты” деген пикирлерге көпшилик исенетуғын усайды.

Үшиншиден, бул вакциналардың өзлери. Ҳәзирги күнде Өзбекстанда, тийкарынан, Россияның Спутник V ҳәм Қытай менен биргеликте ислеп шығылған ZF-UZ-VAC2001 вакциналары қолланылып атыр (AstraZeneca ҳәм азмаз алып келинген деп оқығандай едим).

Спутник V де, ZF-UZ-VAC2001 де Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) тәрепинен тастыйықланған вакциналар қатарына кирмейди. Бул енди тийкарғы себеп деп есапламайман.

Егер адамларда батыста ислеп шығарылған Pfizer, Moderna, AstraZeneca сыяқлы вакциналардан алыў имканияты болғанда, жағдайдың позитив тәрепке өзгериўи илажы бар ма еди?

Ақырғысы, ҳүкиметке деген исенимниң азлығы ямаса, улыўма, жоқлығы. Буның темаға оншелли байланысы жоқтай көриниўи мүмкин, бирақ мен ушын вакцинация дәрежеси менен ҳүкиметке болған исеним арасында тиккелей қатнас бардай. Яғный, өз ҳүкиметине исенген халықта вакцинация дәрежеси де жоқарылаў болады (мәжбүрий вакцинация енгизиўди көрип шығып атырған мәмлекетлерди есапқа алмаймыз). Буған айқын мысал етип Россияны көрсетиўге болады. Өзи бириншилерден болып вакцина ислеп шыққан сайланды мәмлекет болыўына қарамастан, өз халқының өзлеринде ислеп шығарылған вакцинаға болған исеними жоқары емес.

Әдетте ҳүкимет бир басламаны алға сүрсе, халық оннан бир ҳийле излейди — “қурыдан-қуры ислеп атырған жоқ-аў бул нәрсени, булардың бир ойлағаны бар…” (өйткени, алдын да талай мәрте алданған болады). Бул жерде де тап солай: булар вакцина алың деп, өзлери алмайды, алса да, басқа “жақсысын” алады, ал бизлерге “жаманын” салдыражақ деген пикирлер әпиўайы халық арасында тарала баслайды.

Енди вакцинаның өзине келсек, мениң жеке пикиримше, оның адамға ҳәм жәмийетке болған пайдасы биз ойлағаннан әдеўир көплеў. Сол себепли, мен вакцина алыўды ҳәрбир адамға мәсләҳәт еткен болар едим. Ҳәзирги Covid’ке қарсы вакциналарды салыстырмалы қысқа ўақытта ислеп шығарыўға туўры келген болыўы мүмкин, лекин, бәрибир, олар ҳәзирги күнге шекем жетип келген илим ҳәм технологиялардың жетискенликлери нәтийжеси есапланады. Мысалы, Спутник V алдын Эбола кеселлигине қарсы жаратылған вакцинаға тийкарланып исленген.

Жуўмақ ретинде, вакциналар бойынша ҳәр қыйлы мыш-мыш яки түсинбеўшиликлер арқасында жийи пайда болған сораўларға жуўап бериўге ҳәрекет етип көрсек. Және де, соны айтып өтиўим керек, булар тиккелей мениң жуўапларым емес, ал ҳәр қыйлы экспертлер тәрепинен берилген мағлыўматлардан оқығанларым.


Мен вакцина алыўға қорқаман, себеби әдетте вакциналарды ислеп шығыўға он жыллап ўақыт кетеди, ал ҳәзирги коронавирусқа қарсылары болса бирнеше айда-ақ ислеп шығылды.

Дурыс, әдетте вакциналарды ислеп шығыў бул узақ мүддетли процесс. Себеби, оны ислеп шыққаннан кейин, узақ ўақыт сынақтан өткериледи. Лекин, ҳәзир айрықша жағдай болғанлығы ушын, вакцинаны ислеп шығыў, оны сынақлардан өткериў процесин тезлестириўге үлкен мүтәжлик пайда болды. Вакциналар қысқа ўақытта исленип шығылған болса да, бәрибир, олар адамзаттың усы күнге шекемги топлаған илим, технология, медицина ҳәм басқа тараўлардағы билимлерине тийкарланған. Яғный, бирнеше ай ишинде ҳешбир вакцина нольден баслап ислеп шығылған жоқ, ҳәммеси сол алдынғы кең жыйналған билим ҳәм тәжирийбелер тийкарында ислеп шығылды.

Вакцинацияны жедел түрде алып барып атырған мәмлекетлерде, жыйналған мағлыўматларға таянатуғын болсақ, вакциналарды қоллаў нәтийжесинде, ҳешбир күтилмеген ақыбетлерге алып келиў жағдайлары бақланбады. Сонлықтан, вакциналарды биймәлел қәўипсиз деп айтсақ болады.


Мен өзим Өзбекстанда қолланылып атырған вакциналарға (Спутник V, ZF-UZ-VAC2001) исенбеймен.

Мениңше, бундай исенбеўшиликтиң баслы себеби бул вакциналардың еле толық сынаў басқышынан өтпей турып есаптан өткерилгенлиги, яғный пайдаланыўға жетип барғанлығы болса керек. Буның тийкарында сиясий көз қараслар болған деп ойлайман.

Россия Спутниктиң “дүньяда ең биринши есаптан өткен коронавирусқа қарсы вакцина” деп аталыўын қәлеген, сол себепли болса керек, еле сынақлардың үшинши басқышы жуўмақланбай турып, оны есаптан өткизип жиберген. Деген менен, усы ўақытқа шекем бирқанша мәмлекетлерде Спутник V-ниң бирнеше миллион дозасы пайдаланылды ҳәм үлкен машқалалар болғанлығы ҳаққында хабарларды еситпедик.

Қытай менен биргеликте ислеп шығылған вакцина ҳаққында да негатив хабарлар болмады. Соның ушын, жоқарыдағы, улыўма, вакциналардың қәўипсизлиги ҳаққында айтылған гәплерди тек усы еки вакцинаға тийисли деп ойлайман. Мен өзим егер Өзбекстанда болғанымда, бар вакцинаның қәлеген биреўин алған болар едим.


Вакцинаның пайдасы бар ма өзи? Вакцина алған болса да, коронавирус жуқтырған адамлар ҳаққында еситтик ғой?

Ең биринши факт, вакцина алды дегени — бул сиз вирустан 100% қорғандыңыз дегени емес. Ҳешбир вакцина менен бундай кепиллик берип болмайды. Вакцинаның мақсети сизиң организмиңизди вирусқа қарсы гүресиўге таярлаў. Көпшилик жағдайларда вирус жуқтырыўынан сақлайды.

Егер вирус жуқтырылған жағдайда да, кеселликтиң салыстырмалы түрде жеңиллеў өтиўин тәмийинлейди. Усыларды есапқа алсақ, вакцина алған адамлар да вирус жуқтырыўы мүмкин, бул күтилмеген жағдай емес. Парқы тек сонда, вакцина алмаған гейбир адамларда кеселлик қатты өтлесип кетип, өлим дәрежесине шекем жеткериўи мүмкин болса, вакцина алған адамда бундай жағдайдың итималлылығы бирнеше есе азаяды.


Ҳәзирги вакциналар жаңадан пайда болып атырған штамларға (мәселен, Дельта) қарсы гүресе ала ма яки олар ушын қайтадан вакцина алыўға туўра келе ме?

Экспертлердиң айтыўынша, вакциналар жаңадан пайда болып атырған штамларға қарсы еле табыслы гүресе алады. Бирақ та, Дельта штамына қарсы эффективлилиги сәл азайғанлығы ҳаққында айтылмақта.


Мен коронавирус болып аўырдым, маған вакцина шәрт емес ғой?

Яқ, вирус пенен кеселленген болсаңыз да, вакцина алғаныңыз мақул деп мәсләҳәт береди экспертлер. Себеби, кеселлик дәўиринде арттырылған антиденешелер узақ ўақытқа шекем хызмет етпейди, сонлықтан организмниң гүресшеңлигин асырыў мақсетинде, бираз мүддеттен соң (⁓6 ай) вакцина алғаныңыз мақул деген жуўмаққа келеди тараў маманлары.


Кеширерсиз, дым узын пост болып кетти. Лекин, бул мағлыўматлардың кимгедур пайдасы тийип қалар деп үмит етемен. Илажы болса, вакцина алың, бул арқалы тек өзиңизди емес, ал жәмийеттегилердиң де бул пандемиядан тез ҳәм аман-есен шығып кетиўине үлес қосқан боласыз.

P. S. Қызығыўшылар болатуғын болса, төмендеги силтемелер артында жийи берилетуғын сораўларға жуўаплар келтирилген: