Конституция

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қалай исле(ме)ўи ҳаққында еки мысал:

1-мысал.

80-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Қарақалпақстан Республикасының ең жоқары лаўазымлы адамы болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатларының арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ўәкиллиги мүддетине ҳәм қатарына еки мүддеттен асырылмастан сайланады.

Алдынғы Жоқары Кеңестиң баслығы 18 жыл даўамында “тахтта” отырды. Егер жоқарыдағы 80-статьяға қарайтуғын болсақ, оның усы лаўазымда отырыў мүддети бес жылдан еки мүддет, яғный — он жылдан аспаўы керек еди.

“Шеклеп не қыламыз”. Дурыс, 80-статьядан “қатарына еки мүддеттен асырылмастан” деген жерин алып таслаймыз. Конституцияның соңғы редакциясында бул сөзлер әллеқашан алып тасланған. Алдынырақ мысал етип келтирилген 80-статья Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының өзгерис киргизилмесинен әўелги редакциясынан алынған еди.

2-мысал.

83-статья. …Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы өз ўәкиллигин жекке арзасы бойынша, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси дүзген Мәмлекетлик медициналық комиссиясының жуўмағы менен тастыйықланған ден саўлығының жағдайы бойынша өз миннетлерин орынлай алмаса, тоқтатыўы мүмкин. … Бундай жағдайларда 10 күн ишинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жаңа Баслығын сайлаў өткериледи.

Конституция бойынша, Қарқалпақстан Республикасының жаңа Баслығын сайлаўға 10 күн мүддет берилген. Бизлер не қыламыз: дәслеп, қосымша Жоқарғы Кеңес депутатлығына “сайлаў” өткиземиз. Сол депутатлар қатарға қосылғанынан кейин барып, Жоқарғы Кеңес Баслығы лаўазымы ушын және басқа “жасырын сайлаў” өткиземиз.

Оған шекем 2 ай өтип кетсе не болады? — ҳеш нәрсе болмас, кейинирек жоқарыдағы сол “он күн”ди “еки ай”ға өзгертип, туўрылап қоярмыз-да…

…Бундай жағдайларда еки ай мүддет ишинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жаңа Баслығын сайлаў өткериледи.

Конституция аяқ асты болған жерде оны байрамлаў қалай болды?..