Президент университети
Жақында ғалаба хабар қураллары арқалы тарқатылған жаңалықларда Өзбекстанда президент университети ашылыўы ҳаққындағы хабарларды еситкен болыўыңыз мүмкин. Университетлердиң көп болғаны, жақсы, әлбетте. Жоқары оқыў орынларының саны көбейгени сайын, студентлердиң жақсы билим алыў имкәниятлары да артып бара береди.
Бирақ, мен бул ҳәдийсе бойынша еки нәрсеге итибарыңызды қаратыўды қәлер едим. Бириншиден, бул илаж басқа көпшилик тараўлардағы “шешимлер” сыяқлы фундаментал машқаланы сапластырыўға емес, ал тек ўақтыншалық “жамаўға” қаратылған. Аналогия етип келтиретуғын болсам, тырнағы әўел басынан қыйсық қуйылған жайдың диўалына жарық түсип, барып сол жарықты тек сыбап қойған сыяқлы. Ал, тийкарында, жайдың узақ ўақыт хызмет етиўин қәлеген адам оны толық, фундаментинен баслап бузып-салыўы керек болады.
Ҳүкимет, пикиримше, жаңа супер университетлер ашыў менен емес, ал сол жоқары билимлендириў тараўын еркинлестириў менен биринши нәўбетте шуғылланыўы дәркар. Ҳәдден тыс регуляцияны азайтыў, қағазбазлыққа шек қойыў, ЖОО-ның оқытыў бағдарламаларын өзлери ғәрезсиз белгилеўине мүмкиншилик бериў, жеке университетлер ашылыўындағы тосқынлықларды азайтыў — булардың барлығы сол биринши гезекте қылыныўы керек болған ислер. Қашан усы илажлар әмелге асса ҳәм жеке бизнес жүргизиўдеги бюрократиялық тосықлар алып тасланса ғана (ҳеш болмағанда, азайса), шет ел университетлери өзлери келип филиалларын усы жерде ашады ҳәм ҳешкимниң оларды шақырыўына қәжети қалмайды.
Екинши мәселе бул соңғы ўақытлары тәлим менен байланыслы мәкемелер, стипендия ҳ.т.б. сыйлықлар атлары алдына президент сөзи қойылып аталып атырғанлығы. Мениң ақырғы еситкенлерим булар: президент университети, президент мектеби, президент грантлары, президент стипендиялары ҳ.т.б.
Әдетте университет, мектеп, сыйлықларға ат берерде, еки кең тарқалған усыл қолланылады:
- Өтмиште өшпес из қалдырып кеткен инсанлардың атына байланыслы етип қойыў. Буған мысал ретинде АҚШ-тың биринши президенти Джордж Вашингтон атына қойылған George Washington University, өзлеримизде болса — Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети.
- Белгили адамлардың өзлериниң қаржылары есабына ашылғанлары, мәселен, және сол АҚШ-тағы Stanford University, Cornell University, Швецияда Нобель сыйлығы ҳ.т.б.
Биздеги жаңадан ашылажақ университеттың аты бул еки категорияның ҳешқайсысына да тийисли емес екенлиги көринип тур (ямаса президент өз айлығынан қыйып, усы университетти ашып атыр ма екен? 🤔).
Өзбекстан халқы төлеген салықлар есабынан толтырылып барылатуғын мәмлекет бюджетинен қаржыландырылатуғын университетке, қанша ҳүрмети болмасын, мәмлекет басшысының аты қойылыўы бир ерси көринеди, бизиңше.