Монополия

“Монополия” атлы стол ойыны бар. Көпшилик бул ойынды ойнап көрген болыўы мүмкин. Жүдә ҳәм әжайып ойын, әсиресе бир топар болып ойнасаңыз, ўақыттың қалай өтип кеткенлигин сезбей қаласыз. Бирақ, реал өмирде монополиялар ойынындағы сыяқлы қуўаныш алып келе бермейди, әсиресе қара халық ушын.

Монополияларды шәртли түрде еки түрге бөлиўге болады: тәбийий ҳәм жасалма.

Тәбийий монополия әдетте бизнесте ушырайды. Егер белгили бир кәрхана еркин базарда қандайда бир өнимди ислеп шығарып, сол өниминиң сапасын асырыўдың үстинде тоқтамай изленсе, ўақыттың өтиўи менен, ол базардағы үлесин әсте көбейтип барады ҳәм бир күни келип базардағы ең үлкен ойыншыға айланыўы мүмкин (бул дегени, сапаны жақсылағанлардың ҳәммеси де монопол бола алады дегени емес, әлбетте).

Монополияның бул түрине 2000-жыллардағы Microsoft компаниясын мысал етип келтириў мүмкин. Сол дәўирде компания компьютер операцион системалары ҳәм веб-браузерлер базарында дерлик монополлыққа ерискен. Бундай тәбийий монополиялардың үлеси базарда жүдә ҳәм кеңейип баратырған жағдайларда, көбинесе мәмлекет араласып, бул монополиялардың тәсирин азайтыўға ҳәрекет жасайды.

Жоқарыда айтқанымыз, Microsoft мәселесинде, 2001-жылы АҚШ ҳүкимети бул компанияны судқа берген еди. Ҳәзирги күнде де АҚШ ҳүкимети Google компаниясының — интернет излеў системалары, ал Meta (Facebook) компаниясының — социал тармақлар сегментинде дым үлкен үлес алып атырғанлығынан қәўетерленип, оларды судқа бериў мәселелерин көрип шықпақта.

Жасалма монополия деп көбинесе мәмлекет тәрепинен жаратылған кәрханаға қандайда бир өнимди (еркин болмаған базарда) сатыўға эксклюзив ҳуқықлардың берилиўин түсинсек болады. Тилекке қарсы, мәмлекетимизде жасалма монополияға мысаллар көп ҳәм ең көзге көрингени деп UzAuto Motors компаниясын атап өтсек, алжаспаған боламыз.

Компанияға 1993-жылы тийкар салынғанлығына қарамастан, усы күнге шекем еркин базарда басқа өзине усаған автомобиль ислеп шығарыўшылар менен “жарысып” көрген емес. Тек мәмлекет тәрепинен берилген ҳәр қыйлы преференциялардың: салықтан азат етилиў, импорт етилетуғын автомобильлер ушын көп муғдардағы бажылардың салыныўы ҳ.т.б. есабынан ғана мәмлекеттиң ишинде “күш” көрсетип жүр.

Әдетте жасалма монополия болған жерде сапа төмен болады. Себеби, монопольшылардың өз өниминиң сапасы үстинде ислеўине ҳешқандай мүтәжлиги жоқ, “алсаң ал, алмасаң қой” принципинде ис жүргизиўде даўам ете береди. Жәбир көрип атырған болса әпиўайы халық — таңлаў ҳуқықынан айрылған ҳәм қымбат баҳаға сапасы төмен машиналарды сатып алыўға мәжбүр.

Енди ойланып көрсек, бул UzAuto Motors компаниясы ҳәзирги жағдайында неге ҳәм кимге керек? Халыққа керек емес екенлиги анық, усы компания болмағанында, оларда таңлаў ҳуқықы бар болар еди. Экономикалық жағынан алып қарасақ, мәмлекетке де пайдасы аз, керисинше, тек субсидиялар есабынан күн көреди.

Заводта жумыс орынлары жаратылып, сонша адамлар жумыс пенен тәмийинленип отыр деп айтыў мүмкин, бирақ 20-30 мың адамды ойлайман деп, қалған 32 миллион инсанның қыйналыўы надурыс.

Бәлким, бул завод имидж ушын керек шығар, “автомобиль ислеп шығарыўшы мәмлекетлер қатарындамыз” деп мақтаныў ушын. Билмедим, еркин базарда гүресиўге қорқатуғын ҳәм өзиның халқын “талап атырған” компанияның қандай имиджи болыўы мүмкин. Демек, ең соңғы вариант қалып атыр: бул компанияның артында турған адамларға усы заводтан пайда бар. Бул адамлар да әпиўайы адамлар емес, ал жоқары кабинетлерде отыратуғын адамлар, мениңше.

Енди сораў: мәмлекетлик монополиялардан қалай қутылсақ болады? Сиз бенен биздиң қолымыздан келетуғыны аз, тәсир етиўдиң бир жолы сол монополияның өнимин сатып алмаў. Лекин, халықтың билим дәрежеси төменлиги ҳәм биргеликте топар болып өз ҳуқықларын талап етиў тәжирийбеси болмағанлықтан, буның илажы жоқ есап.

Демек, ҳәзирги жағдайдағы жалғыз жол — бул мәмлекеттиң усы мәселе бойынша өзи ҳәрекет етиўи. Бул қыйын болмайды деп есаплайман, өйткени биз авторитар режимдемиз, президентте болса шексиз күш бар, бир гәпи менен барды жоқ, жоқты бар қылыўы мүмкин. Бирақ, UzAuto Motors сыяқлы “еркетай” азлық еткениндей, және бес-алтаўын жақын арада қатарға қосажақпыз…🤦‍♂️