Билимлендириў

Мәмлекеттиң раўажланыўына ямаса, керисинше, дағдарысқа ушыраўына алып келиўи мүмкин болған тийкарғы тараўлардың бири бул билимлендириў системасы екенлигин көпшилик тән алса керек. Бүгинги Өзбекстанда да бул итибар қаратылыўы зәрүр болған актуал мәселелердиң бири болып қалмақта — билимлендириў тараўымыз узақ ўақыттан берли кризисте.

Оқыў бағдарламаларының ескириўи, билимлендириў тараўы ушын керекли маманларды таярлап бериўши системаның заманнан артта қалыўы, непотизм, коррупция сыяқлы машқала ҳәм иллетлер бул системаның усы күнги жағдайына жетип келиўине өзиниң үлкен үлесин қосты.

Билимлендириўдиң жақсыланыўы сол мәмлекетке қандай пайда алып келиўи мүмкин екенлигин бир көрип шығайық. Биринши нәўбетте, мәмлекеттиң экономикасында ҳәм мәмлекетлик басқарыўда да өзиниң билими менен пайдасын тийгизе алатуғын керекли кадрлар жетилисип шығады. Екиншиден — мениңше бул ең әҳмийетлиси — өз пикирине ийе, бир “қәлипке қуйылмаған”, сондай-ақ өзиниң идеяларын еркин билдире алатуғын инсанлар менен байыйды.

Усы жерде қосымша қылып кетиў керек, бунда билимли дегенде, ҳәр қыйлы диплом/сертификатларға ийе адамлар нәзерде тутылып атырылған жоқ. Бизлерде болса ҳәзир жоқары оқыў орынларын питкерген дипломлылар баршылық, ал бирақ олардың билими ҳәзирги заман талабына жуўап бере алады ма екен…

Енди орынлы сораў туўылыўы мүмкин: егер ҳүкимет мәмлекетти раўажландырыўда ақсаса, билимлендириўге зәрүрли итибарды қаратыўды өзине еп көрмесе, адамлар өз келешеги ушын не қыла алады? Ҳәр қыйлы вариантлар бар. Мениң ойымша, ең оптималы — бул ҳәрбир адам өз үстинде ислеўге ҳәрекет етиўи ҳәм келешек әўладты да билим алыўға үгитлеўи. Дурыс, социал лифтлер ислемейтуғын мәмлекетте бул бир пайдасыз илаждай көриниўи мүмкин, лекин, мениңше, егер адамлар бул илажды ҳәрекетлеп, азмаз болса да, жақсылаўға ерисе алса, нәтийжеси, әлбетте, көзге көринеди, бир-еки әўладтан кейин болса да.