“Кеселленген” жәмийет
Мына жерде жүдә ҳәм әжайып пост болған екен, бундай текстти share қылмасақ, обал болайын деп тур. 🙂
Постта келтирилген пикирлерге толық қосыламан ҳәм ол жерде жазылған нәрселерди мен де алдынырақ сезип баслап едим. Пикиримди қысқаша баян ететуғын болсам, бизиң жәмийетимиз “кеселлик”ке жолыққан.
Биреўди алдап кетиў, “дийўал услатып” кетиў, “кийдирип” кетиў деген нәрселер ертең адамлардың ғәзебин келтиретуғын иллетлер емес, ал, керисинше, адамлар мақтанатуғын нәрсеге айланып үлгерген. “Кеше пәленше әўмесерди XYZ сомға түсирдим (ямаса бир нәрсесин алдап алып қойдым), ха-ха-ха..” сыяқлы гәплерди өмириңизде бир рет болса да еситкен шығарсыз.
Постта бул машқала балалар мысалында келтирилген. Балаларға бул жаман иллетлерди еси бар ата-ана үйретпеси анық, солай емес пе? Тилекке қарсы, үйде дурыс тәрбия берилгени менен, балалар да жәмийет ағзалары ҳәм олар да усы орталықта өсип-өнбекте.
Жәмийетте еки адамның бири: “пәленше төленшеге пара берип, “майлы” жумысқа кирип алыпты, “левый”лары жаман емес қусайды”; “анаў прокурор/ҳәким/баслықтың үйин көрдиң бе, әне солар “жить” етип атыр” деген гәплерди еситкен кишкене баланың еле толық қәлиплесип үлгермеген санасында “демек, бул нәрселер норма екен” деген пикир орналасып қалыўы күтилген жағдай.
Бундай “наўқас” жәмийетти қалай “емлеў” мүмкин? — бул енди миллион долларлық сораў. Буның аңсат шешими жоқ. Көп факторларға байланыслы. Лекин, бир нәрсе анық жәрдем бериўи мүмкин, бул ҳәм болса — билимлендириў. Билимлендириў болғанда да, ҳәр қыйлы дипломлар емес, ал ҳақыйқатында адамның көз қарасын ҳәм пикир еркинлигин асыратуғын билим.