Бүгинги күнниң “Шерлок Холмс”лары
Журналистлик изертлеўлер менен шуғылланыўшы Bellingcat интернет-баспасының жақын арада үлкен жаңалыққа айланған жумысы ҳаққында еситкен болыўыңыз мүмкин. Мен бул изертлеўши журналистлерди бүгинги күнниң “Шерлок Холмс”лары деп тәрийиплеген болар едим, өйткени олар мәмлекетлик органлар тәрепинен шешилиўи керек болған, бирақ шешилмеген ямаса “шешилмеўи зәрүр болған” машқалаларды изертлеп, Артур Конан Дойлдың атақлы персонажы сыяқлы, тынбастан изленип, жуўап табыўға ҳәрекет етеди.
Және де соны айтып өтиў керек, журналистлер өзлериниң изертлеўлеринде факт-чекинг ҳәм көбинесе ашық дерекли мағлыўматлардан пайдаланып келеди. Тек ғана усы қураллары жәрдеминде олар бир ўақытлары атын еситсе адам ети түршигерлик қәўипсизлик хызмети ўәкиллериниң атлары, қай жерде жүргенликлери, кимлер менен телефон арқалы байланыста болғанлықлары ҳаққындағы мағлыўматларды топлай алған.
Дурыс, бул жерде олардың сәл “қыйсығырақ” жолдан жүриўлерине, яғный “қара базардан” адамлардың жеке мағлыўматлары жайластырылған базаларды сатып алыўларына туўра келген. Бул мәселениң этикалық жақтан қаншелли дурыслығы ҳаққында изертлеўшилердиң биринен соралғанда, ол: “Бул мәселе жәмийет ушын оғада әҳмийетли болғанлығы ушын, этикалық принциплерден азмаз шегиниўди кеширимли деп таптық”, — деп жуўап берген. Егер толық интервьюди оқыйман дейтуғынлар бар болса, мына силтеме арқалы өтсеңиз болады.
Усы сыяқлы изертлеўши журналистлер бизлерге ҳәм керек. Россияда “Новая газета”, ФБК, The Insider сыяқлы ресурсларда изертлеўши журналистлердиң жумысларын ушыратып турыўымызға болады. Бизиң журналистлик жәмийетимиз ҳәм ўақты келип бул “жанрға” қәдем басса, жәмийет ушын жүдә көп пайда келтирери анық.