Мәмлекетлер не ушын раўажланбайды?

Why nations fail cover

Не ушын дүньяның айрым мәмлекетлери раўажланған, ал гейбиреўлери болса (көпшилиги десек те, қәте болмас, бәлким) дым арқада қалып кеткен? Бул сораўға өзиңиз ҳәм қызығып, жуўап излеп көрген болыўыңыз мүмкин. Лекин, тап усы тема бойынша америкалы профессорлар Daron Acemoglu ҳәм James Robinson ҳәр қыйлы изленислер алып барып, нәтийжесин өзлериниң “Why Nations Fail: The Origins of Power, Prosperity and Poverty” атамасындағы китабында келтиреди. Китап атамасын бизиң тилимизге тиккелей аўдармаласақ, “Неге мәмлекетлер сәтсизликке ушырайды: ҳәкимият, гүллениў ҳәм жарлылықтың келип шығыўы” деген мәнисти береди. Рус тилинде бул китап “Почему одни страны богатые, а другие бедные” атамасы менен басылып шыққан.

Авторлар бул китапта көплеген мәмлекетлерди үйренип шығып, олардың раўажланыўына ямаса, керисинше, раўажланбаўына не нәрселер тәсир еткен деген сораў үстинде бас қатырады. Олар көплеген факторларды көрип шыққан. Мысалы, мәмлекеттиң географиялық жайласыў орны, климаты, генетикасы, мәденияты, дини сол мәмлекеттиң раўажланыўына жәрдем бериўи мүмкин бе деген сораўларды өзлерине берген. Жуўмағында сондай шешимге келинген — алдын келтирилген факторлар екинши дәрежели болып шығады, ал мәмлекеттиң раўажланыўында сиясий ҳәм экономикалық институтлардың қай дәрежеде раўажланғанлығы тийкарғы рольди ойнайды екен.

Дерлик ҳәрбир мәмлекет өзиниң сиясий ҳәм экономикалық институтларына ийе, бирақ профессорлар бул институтлардың раўажланыўын еки категорияға бөлген:

Китап авторларының пикиринше, жәмийеттиң көпшилик бөлегин сиясий шешимлерди қабыллаў процесинен айырыў кейинирек элитаға тийисли болмаған барлық адамлардың экономикалық ҳуқықларының шеклениўине алып келеди. Ал, адамларда меншик мүлк ҳуқықы кепиллиги болмаса ҳәм өз кәрханаларынан пайда ала алмаса, бул экономикалық өсиўдиң тоқтаўына себепши болады. Сонлықтан, “плюралистлик сиясий институтларсыз турақлы раўажланыўдың илажы жоқ” деп келтиреди авторлар.

Егер раўажланған мәмлекетлерди қарасаңыз, барлығында инклюзив сиясий ҳәм экономикалық институтлар жолға қойылған. Ал, раўажланбаған мәмлекетлерде болса — барлығында тек элиталар ушын хызмет ететуғын экстрактив институтлар жаратылған. Бул китапта Өзбекстан да экстрактив институтларға мысал етип көрсетилген. Тилекке қарсы, китап 8 жыл алдын баспадан шыққан болса да, биздеги экстрактив институтлар елеге дейин жоғалған жоқ (ақырғы ўақытлары, керисинше, күшейип баратырғандай).

Бәршеге усы китапты оқып шығыўды мәсләҳәт етемен. Алдын билмеген көп нәрселериңизди үйренериңиз анық.

UPD: Егер китапларды өзбек тилинде оқып жүрген болсаңыз, бул китапты Өзбекстанда Asaxiy Books жойбары өзбек тилинде баспадан шығарған.