Тил ҳаққында
Жақынлап киятырған тил байрамы мүнәсибети менен, социал тармақлардың белсенди блогерлери таярлықларын әллеқашан баслап жиберген усайды. Бул, әлбетте, жақсы. Себеби, қарақалпақ тилин сақлап қалыў әпиўайы халқымыздың ғана қолында, ал ҳүкиметтиң ис-ҳәрекетлерине, бийпәрўалығына қарағанда, ендигиден былай олардан дерлик ҳешқандай үмит жоқ.
Тилге байланыслы ҳәр қыйлы конкурс ҳәм жарысларды шөлкемлестирген мақул, бирақ та қәлесеңиз, мен сизлерге оннан да пайдалырақ челленджди усыныс етемен. 😉
Егер тилдиң раўажланыўына үлес қосаман деген нийетиңиз болса, төмендегилерди әмелге асырсаңыз болады:
-
өзиңиз сүйип оқыйтуғын китапларыңыз бар болса, оларды электронластырыўға үлесиңизди қосың ҳәм кейиншелли бул китапларды kitapxana.com ямаса басқа да соған усас сайтларға жайластырыў имканы пайда болады;
-
жоқарыдағы жағдайға усас, егер аудио китапларды унатсаңыз, онда сол сүйикли китапларыңызды өз даўысыңыз бенен оқып, аудио көринисине келтирип, басқаларға еситиў имканиятын жаратсаңыз болады (бул көзи әззи адамларға да үлкен жәрдем болады деп ойлайман);
-
егер қандайда бир тараўдың маманы болсаңыз, билимиңиз ҳәм тәжирийбеңизди басқалар менен бөлисиўди қәлесеңиз, мақалалар жазың ҳәм Қарақалпақ Ўикипедиясына қосың ямаса арнаўлы блог/Телеграм-канал ашып, оны жүргизиң;
-
егер шет тиллерин билсеңиз, онда сырт еллилер ушын қарақалпақ тилин үйрететуғын ҳәр қыйлы ресурслар таярлаң. Мысалы, әпиўайы разговорник.
Бул санап өткенлерим тек мениң ядыма келген бирнеше вариантлар ғана еди. Анық исеним билдирип айта аламан, басқаларда буннан да көбирек идеялар бар болыўы мүмкин. Тилимиз раўажлансын десеңиз, өзиңиз ҳәм үлесиңизди қосың.