Gúrrińshi

Танысың, қарақалпақша китапларды аудио вариантта тыңлаў имканиятын бериўши Gúrrińshi жойбары. Бүгиннен баслап Android системасының пайдаланыўшылары Gúrrińshi мобил қосымшасын өз қурылмаларына орнатып, қарақалпақша аудиокитапларды тыңлаўды баслаўы мүмкин. Қосымшаның iOS ушын арналған варианты да ҳәзирде таярланыў басқышында болып, жақын келешекте жәрияланыўы күтилмекте.

Соңғы 4‑5 жылда подкастлар, аудиокитаплар дүняда қайтадан ен жая баслады. Буған тийкарғы себеплердиң бири, аудиокитапларды тыңлаў адамнан актив дыққатты талап етпейди. Мысалы, текст варианттағы китапты оқысаңыз, дыққатыңыз тек ғана китапта, ондағы текстте болыўы керек, басқа ҳеш нәрсе ислей алмайсыз, ал аудиокитапларды болса басқа да жумысларыңызды ислеп жүрип, параллел тыңлаў имканияты бар.

Буннан он жыл алдын бизиң командамыз қарақалпақша китапларды электронластырыў мақсетинде, Kitapxana.com жойбарын баслап еди. Лекин, ол бизге күтилгениндей нәтийже алып келмеди. Ал, Gúrrińshi болса бизиң екинши урынысымыз, бул сапары аудио форматтағы китаплар бабында.

Жойбардан гөзленген тийкарғы мақсет қарақалпақ тилиндеги китапларды аудио форматқа өткизиў, оларды бир жерге жәмлеў ҳәм басқаларды да бул ҳәрекетлерде белсенди қатнасыўға шақырыў. Сондай‑ақ, бул арқалы жәмийетимиздеги көзи әззи инсанлардың қарақалпақ тилиндеги әдебий шығармалар менен жақыннан танысыўына үлкен мүмкиншилик жаратып бере алған боламыз.

Улыўма алғанда, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты ушын арналған жойбарлар қанша көп болса, сонша жақсы. Тилекке қарсы, бул тараўда елеге шекем ислениўи керек болған жумыслар оғада көп. Ең актуал машқалалардың бири бул қарақалпақ тилиндеги материаллардың электрон форматта аз ушырайтуғынлығы. Усы машқала қарақалпақ тилиниң интернет әлемине кирип келиўине биринши тосқынлық есапланады ҳәм бул мәселе елеге шекем өз шешимин тапқан жоқ.

Усы контент жетиспеўшилиги мәселеси Kitapxana.com жойбарының раўажланыўына да өзиниң кери тәсирин тийгизип еди. Gúrrińshi де болса, әўел басында, тек ғана 3 аудиокитап-ақ бар. Бул сапары контентти көбейтиў ушын, краудсорсинг усылын сынап көрмекшимиз.

Краудсорсинг — бул қандай да бир мақсет жолында адамлардың бирлесип ҳәрекет етиўи. Солай екен, Gúrrińshi жойбарын раўажландырыў, бул арқалы қарақалпақ тилиндеги китапларды аудио вариантқа көшириў ҳәрекетлерине ҳәрбир ўатанласымызды өз үлесин қосыўға шақырып қаламыз.

Ҳәзир, дерлик, бәршениң қолында мобиль қурылма бар. Үйиңизде қарақалпақша китаплар, әдебий шығармалар да табылатуғын болса — демек, сиз жойбарға үлес қосыўға таярсыз: бир китапты алып, күнине ярым сааттан китапты оқып, оны қурылмаңызға аудио көринисте жазып барсаңыз, көлемине қарап бир ҳәптеден бир айға шекемги аралықта бир китапты толық аудио вариантқа өткерип жуўмақлаўыңыз мүмкин. Биз болса пайдаланыўшылар тәрепинен жиберилген ҳәрбир аудиокитапты платформамызда еркин еситиў мүмкиншилигин жаратып бериўге кепиллик беремиз.

Усы сценарий бойынша шамалап көретуғын болсақ, тек ғана Нөкис қаласының ~334 600 турғынының 0,3% и ҳәрбири бир китаптан өз үлесин қосқанда да, 1 000 аудиокитап жыйналып қалыўы мүмкин екен. Бул мақсетке ерисе аламыз ба — енди ол өзимиздиң ҳәрекетимизге байланыслы.