Саламат

Саламат ҳаққында Өзбекстан телеканалларының биринде көрсетиў таярланған екен, ҳәммеге көриўди мәсләҳәт еткен болар едим. Саламат пенен Азиз екеўимиз ТИТУ Нөкис филиалында, 2018-жылы бир қысқа семинар өткен ўақытта танысып, азмаз сөйлескен едик. Оннан берли арасында мессенжер яки социал тармақлар арқалы жазысып турамыз.

Саламатты мен жүдә ҳәрекетшең, талапшаң жигит деп билемен. Өзиниң алдына қандайда бир мақсет қойған болса, соған ерисиў ушын барлық күши менен ҳәрекет етеди. Бул жерде биреўлер айтыўы мүмкин, “алдына мақсет қойып, соған ерисиў ҳәм жетискенлик пе?” деп. Әлбетте, бул жетискенлик. Мениң бақлаўым бойынша, бизде бундай өз жолын белгилей алыўшы адамлар азшылық. Гейбир адамлар ҳәтте алдына мақсет қойыўды да билмейди, оған жетисиў бир жақта турсын. Саламат болса қандай қыйыншылықлар ҳәм шеклеўлер болмасын, барлығын жеңип өтип, өзиниң қызыққан тараўы — IT тараўының жақсы маманына айланды ҳәм көплеген нәтийжелерге еристи. Сонлықтан, Саламатты көпшилик адамларға үлги ретинде көрсетиўге арзыйтуғын инсан деп билемен.

Исенемен, Саламат өзиниң үстинде ислеўди тоқтатпай, еле де көплеген жетискенликлери менен бизлерди қуўантыўда даўам етеди. Алға, Саламат!

Oramizdagi odamlar youtube screenshot