Ертек
Бир бар екен, бир жоқ екен. Ҳәзирги өтип атырған заманда Норвегия деген мәмлекет болған екен. Бүгинлигинде дүньядағы ең бай мәмлекетлер қатарына киргени менен, барлық ўақыт ҳәм ондай болмаған екен.
1970-жыллары нефть кәнлериниң табылыўы Норвегияның раўажланыўына үлкен үлес қосыпты. Бирақ, гейбир нефтьке бай мәмлекетлер сыяқлы нефтьтен түскен пайда сиясий элита яки олигархлардың қалталарына түсирилмей, мәмлекеттиң раўажланыўына сарпланыпты. Ал, нефтьтиң баҳасы жүдә жоқары болған ўақытларда, артықша пайда Норвегия суверен фондына “айдалынған” екен. Ол фондтың тийкарғы ўазыйпасы келешекте ел басына “қара күнлер” түсип қалған жағдайда, ондағы қәрежетлерден мақсетли пайдаланыў болған екен.
Енди фондта ҳәзирги күнде жыйналған сумманы еситиң: 1,3 триллион АҚШ доллар эквивалентинен аслам (еслетип өтемен, триллионда 12 ноль бар). Тап бүгин сол фондтағы барлық қаржыны Норвегия өз халқына теңдей бөлистирип жиберсе, адам басына 220 мың доллардан түседи екен. 220 мың доллар, Карл!
Улыўма алғанда, норвеглердиң тәбиятқа болған қатнасы, экология, мәмлекеттиң ертеңги келешегине болған итибары мақтаўға арзыйды. Тәбиятын, енди, айтпасаң да болады. Птушкин буны видеода жүдә ҳәм жақсы көрсетип берген.
Норвегия адамлар ушын қурылған мәмлекет екенлиги көринип тур. Видеоны көрип отырып, еки қыйлы сезим болды: бир жағынан, адамлар ушын бундай қолай мәмлекеттиң бар болғаны жүдә ҳәм жақсы, норвеглер қандай бахытлы адамлар, лекин басқа жағынан алып қарағанда, бизлер де сол дәрежеге жете алады ма екенбиз деген сораў өз-өзинен пайда болады. Буған неше әўладтиң өмири кетер екен, егер илажы болса ҳәм қашан болса да, усы дәрежеге жете аламыз ба өзи? 😢