Корея университетлерине оқыўға кириў

Өзим Кореяда оқығанлықтан, сол журттың жоқары билимлендириў системасынан сәл-пәл хабарым бар. Бул темаға қызығыўшыларға усы күнге шекем бар билим ҳәм тәжирийбелеримди индивидуал мәсләҳәтлер ретинде бөлисип жүр едим. Бирақ, мен тутқан бул жол scalable — кең көлемли емес еди, сол себепли бул мәсләҳәтлерди кеңирек аудиторияға усыныў мақсетинде, видеопрезентация көринисинде жазыўға қарар еттим.

Бул презентацияның тийкарғы аудиториясы — илим, технология, инженерлик тараўы бойынша оқыўды мақсет етип қойған абитуриентлер. Лекин, басқа тараўлар бойынша оқып жүргенлер де өзлерине пайдалы мағлыўматларды ала алады деп үмит етемен.

Егер танысларыңыздың арасында Кореяда оқыўға қызықсынып жүрген досларыңыз бар болса, видео менен бөлисиң, бәлким, бул олар ушын бир имканият шығар: https://www.youtube.com/watch?v=_NpTPu1WzHc

Study in Korea video screenshot

P.S. “Presentation skills”ти жақсылаўыма еле де узақ жол бар екен, қатты айып көрмейсиз. 😅